Кавказ мусылманлары мәкемесиниң баслығы, Шайхулислом Оллоҳшукур Гуммат улы Пошозоданы Өзбекстан Республикасының “Эл-юрт ҳурмати” ордени менен сыйлықлаў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы
Жаңа Өзбекстанда диний-ағартыўшылық тараўда алып барылып атырған түпкиликли реформаларды қоллап-қуўатлаў, мусылман дүньясы ойшыллары ҳәм уламаларының дүнья цивилизациясының раўажланыўына қосқан бийбаҳа үлесин терең үйрениў, муқаддес ислам дининиң тынышлық, адамгершилик, илим-ағартыўшылыққа умтылыў идеяларын түрли миллетлер ҳәм халықлар арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў жолындағы нәтийжели ҳәм ибратлы жумысы, халықаралық көлемде динлераралық ҳәм цивилизациялараралық қарым-қатнасты жолға қойыў, атап айтқанда, өзбек ҳәм әзербайжан халықлары арасында дослық ҳәм туўысқанлық, руўхый бирге ислесиўди беккемлеў, диний ҳәм дүньялық билимлерди пуқта ийелеген жетик қәнигелерди таярлаў, жас әўладты кеңпейиллик, өз-ара аўызбиршилик ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў бағдарындағы үлкен хызметлери ушын Кавказ мусылманлары мәкемесиниң баслығы, Шайхулислом Оллоҳшукур Гуммат улы Пошозода Өзбекстан Республикасының “Эл-юрт ҳурмати” ордени менен сыйлықлансын.
Өзбекстан Республикасы Президенти
Ш.Мирзиёев.