Биринши ярым жыллықтағы көрсеткишлер қай дәрежеде?

26

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының мағлыўматларына қарағанда, 2026-жылдың биринши ярым жыллығында республиканың сыртқы саўда айланысы 501 миллион АҚШ долларын қурап, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 33 процентке өсти. Соннан, 164 млн. доллары экспорт, 338 млн. доллары импорттың үлесине туўра келди.

Мәмлекетлик бюджетке 530 млрд. сум бажыхана төлемлери өндирилген. Соның менен бирге, сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшыларына 535 млрд. сум муғдарында бажыхана жеңилликлери қолланылды.

Ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў бағдарында 460 бажыхана нызамшылығының бузылыў жағдайы анықланып, баҳасы 20 млрд. сумлық товар-материаллық байлықлар иркип қалынды. Жынаят белгилери бар 36 жағдай дизимге алынып, 16 жынаят иси қозғатылды.

Соның менен бирге, «Даўыт-ата» шегара бажыхана посты арқалы 6 ай даўамында 3902 партиядағы 80 миллион АҚШ доллары муғдарындағы товарлар рәсмийлестирилген. 135 миллиард сум бажыхана төлемлери өндирилип, 76404 жүк автотранспорт қуралының ҳәрекети тәмийинленди.

Исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде «бажыхана аймағында қайта ислеў» режими шеңберинде 14 кәрхана тәрепинен дерлик 9,9 миллион АҚШ доллары муғдарындағы шийки зат рәсмийлестирилди ҳәм 12,8 миллион АҚШ доллары муғдарындағы таяр өним экспорт (реэкспорт) етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги