Өзбекстан ҳәм Беларусь қатнасықлары стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилди

183

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенконың мирәт етиўине бола 8-9-июль күнлери рәсмий сапар менен усы елде болды.

9-июль күни Минск қаласындағы Ғәрезсизлик сарайында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти салтанатлы күтип алыў мәресими болып өтти.

Сарай алдындағы майданда еки мәмлекеттиң байрақлары көтерилди ҳәм ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Мәмлекетимиз басшысын Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко қызғын күтип алды.

Мәмлекетлик гимнлер жаңлады.

Жетекшилер ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтип, рәсмий делегациялар ағзаларын қутлықлады.

Буннан соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко тар шеңберде ҳәм рәсмий делегациялар ағзаларының қатнасыўында сөйлесиўлер өткерди.

Ушырасыў алдында мәмлекетимиз басшысы соӊғы жылларда Өзбекстан менен Беларусь арасындағы көп қырлы қатнасықлар сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилгенин айрықша атап өтти.

Бул сапар етиўге таярлық шеңберинде Ҳүкиметлераралық комиссия ҳәм Исбилерменлер кеңесиниң мәжилислери, сиясий мәсләҳәтлесиўлер, аналитикалық топарлардың ушырасыўлары, Өзбекстан мәденияты күнлери ҳәм басқа да илажлар табыслы өткерилди.

Өз-ара саўда көлеми турақлы пәтте өсип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Соӊғы бес жылда бул көрсеткиш дерлик 3 есеге артып, өткен жылдың жуўмағына бола дерлик 1 миллиард долларға жетти. Усы жылдың өткен дәўиринде оның көлеми және 30 процентке артты. 360 қоспа кәрхана табыслы жумыс алып бармақта.

Жетекшилер күни кеше өз-ара саўда көлемин 2 миллиард долларға жеткериў бойынша анық ҳәрекетлер келисип алынғанын ҳәм аўыл хожалығы, машина қурылысы, фармацевтика, электротехника, жеңил санаат, мебель қурылысы ҳәм санааттың басқа да тармақларында жаңа кооперациялық жойбарлардан ибарат илажлар режесиниң қабыл етилгенин қоллап-қуўатлады.

Өзбекстан тыныш атомнан пайдаланыў ҳәм бул тараўда инфраструктураны қурыў бағдарында тәжирийбе алмасыўдан мәпдар екени билдирилди.

Жедел мәдений-гуманитарлық алмасыўды избе-из даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Мәжилис даўамында биргеликтеги Ҳүкиметлераралық комиссия жәрдемши баслықларының есабатлары ҳәм сөйлесиўлер күн тәртиби бойынша анық усыныслары да тыңланды.

Жуўмағында Президент Шавкат Мирзиёев кәсиплеси Александр Лукашенконы рәсмий сапар менен Өзбекстанға келиўге мирәт етти.

Болып өткен сөйлесиўлердиң жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко Стратегиялық шериклик қатнасықларын орнатыў ҳаққындағы декларацияға қол қойды.

Сондай-ақ, мәмлекет басшылары жанында бир қатар еки тәреплеме ҳүжжетлер алмасылды. Соннан:

– 2026-2030-жылларда саўда-экономикалық ҳәм социаллық-гуманитарлық бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша илажлар режеси;

– Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги ҳәм Беларусь Республикасы Сыртқы ислер министрлиги арасында 2026-2027-жылларға мөлшерленген мәсләҳәтлесиўлер бағдарламасы;

– 2005-жыл 19-январьдағы “Пуқаралардың өз-ара қатнаўлары ҳаққында”ғы келисимге өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында протокол;

– Беларусь Республикасы аймағында ўақтынша мийнет етиў ушын Өзбекстан Республикасы пуқараларын шөлкемлескенлик тийкарында қабыл етиў ҳәм тартыў ҳаққында келисим;

– Тоғай хожалығын раўажландырыў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;

– 2026-2028-жылларға мөлшерленген мәденият тараўындағы бирге ислесиў бағдарламасы;

– Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги ҳәм Беларусь Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги арасында 2027-2028-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бойынша илажлар режеси;

– Өз-ара туристлер ағымын көбейтиў ҳәм туризм тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша 2026-2027-жылларға мөлшерленген биргеликтеги ҳәрекетлер режеси;

– 2026-2028-жылларда агросанаат комплексиндеги бирге ислесиўди және де тереңлестириў бойынша “жол картасы”;

– Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Жеңил санаатты раўажландырыў агентлиги ҳәм Беларусьтың “Беллегпром” мәмлекетлик концерни арасында жеңил санаат тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында протокол;

– Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги ҳәм Беларусь Республикасы Мийнет ҳәм социаллық қорғаў министрлиги арасында халықты социаллық қорғаў тараўындағы бирге ислесиў бойынша өз-ара түсинисиў меморандумы;

– Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлиги ҳәм Беларусь Республикасы Қаржы министрлиги арасында қаржы мәселелери бойынша өз-ара түсинисиў меморандумы;

– Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты ҳәм Беларусь стратегиялық изертлеўлер институты арасында Өзбекстан – Беларусь экспертлер кеңесин шөлкемлестириў ҳаққында меморандум;

– Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Беларусь Республикасы Аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат министрлиги арасында агросанаат тараўында инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша келисим меморандумы;

– Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы ҳәм Беларусь Миллий илимлер академиясы арасында илимий-техникалық бирге ислесиў бойынша өз-ара түсинисиў меморандумы.

Сондай-ақ, сапар шеңберинде Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги ҳәм Беларусь Республикасы Фундаментал изертлеўлер қоры арасында да меморандумға қол қойылды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко сөйлесиўлердиң жуўмақлары ҳаққында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын баянат берди.

Мәмлекетимиз басшысы Александр Лукашенкоға шын жүректен қабыллағаны ҳәм жыллы миймандослық ушын миннетдаршылық билдирип, Беларусь халқын жақында белгиленген Ғәрезсизлик күни менен қутлықлады.

Бул рәсмий сапар Өзбекстан – Беларусь қатнасықларының раўажланыўында тарийхый ўақыя екени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Соның ишинде, Стратегиялық шериклик қатнасықларын орнатыў ҳаққындағы декларацияға қол қойылғаны саммиттиң тийкарғы нәтийжелеринен бири болды.

Өзбекстан жетекшисиниң атап өткениндей, бул ҳүжжет мәмлекетлераралық бирге ислесиўди беккемлеўде жаңа бет ашып, тәреплердиң көп тәреплеме шерикликти узақ мүддетли раўажландырыў бағдарындағы исенимли умтылысын тастыйықлайды.

Сөйлесиўлерге үлкен таярлық көрилгени олардың табыслы өтиўинде әҳмийетли фактор болғаны атап өтилди.

Сапар алдынан Ҳүкиметлераралық комиссия ҳәм Исбилерменлер кеңесиниң мәжилислери, сиясий мәсләҳәтлесиўлер, үшинши Аймақлараралық форум, Өзбекстан мәденияты күнлери ҳәм таллаў топарларының ушырасыўы болып өтти.

Мәмлекет басшылары сиясий сөйлесиўди буннан былай да раўажландырыў ҳәм парламентлераралық бирге ислесиўди беккемлеў зәрүр екенлигин атап өтти.

Саммит алдынан товар алмасыўдыӊ көлемин 2 миллиард долларға жеткериў бойынша анық илажларды және тийкарғы тараўлардағы жаңа жойбарлаў басламаларын қамтып алған комплексли реже қабыл етилди.

Онда аўыл хожалығы, машина қурылысы, фармацевтика, электротехника, микроэлектроника, тоқымашылық, мебель қурылысы ҳәм басқа да тармақларда кооперацияны раўажландырыў нәзерде тутылған.

Өзбекстанда биринши атом электр станциясы ҳәм түрлес инфраструктураны қурыўда Беларусь тәжирийбесин қолланыў бойынша келисимге ерисилди.

Үшинши Өзбекстан – Беларусь Аймақлараралық форумының жуўмақлары жоқары баҳаланды. Форум жумысында Өзбекстанның 230 ға шамалас исбилерменлери қатнасты.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, ҒМДА, ШБШ ҳәм Қосылмаў ҳәрекети сыяқлы регионаллық ҳәм халықаралық структуралар шеңбериндеги бирге ислесиўди буннан былай да тереңлестириўге умтылыў исенимли екени атап өтилди.

Мәденият ҳәм көркем өнер, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм туризм тараўларындағы жедел алмасыўлар даўам еттириледи.

Мәмлекетимиз басшысы Минск қаласында Өзбекстан – Беларусь дослық қыябанын қурыў басламасы ушын миннетдаршылық билдирди.

Усы жылы гезектеги медицина, билимлендириў ҳәм туризм форумларын шөлкемлестириўге келисип алынды.

Жуўмағында бүгинги тарийхый сапар етиў нәтийжелери стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеўге және еки елдиӊ турақлы раўажланыўына ҳәм абаданлығына ҳәр тәреплеме хызмет ететуғыны атап өтилди.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Беларусьқа рәсмий сапары жуўмақланды. Пайтахт аэропортында жоқары мәртебели мийманды Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко шығарып салды.

ӨзА