Өзбекстан ҳәм Беларусь жетекшилери көп тәреплемели бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға умтылатуғынын атап өтти

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко тар шеңберде ҳәм рәсмий делегациялар ағзаларының қатнасыўында сөйлесиўлер өткерди.
Ушырасыў алдынан мәмлекетимиз басшысы соңғы жылларда Өзбекстан менен Беларусь арасындағы көп тәреплеме қатнасықлар сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилгенин айрықша атап өтти.

Бул сапарға таярлық шеңберинде Ҳүкиметлераралық комиссия ҳәм Исбилерменлер кеңесиниң мәжилислери, сиясий мәсләҳәтлесиўлер, аналитикалық топарлардың ушырасыўлары, Өзбекстан мәденияты күнлери ҳәм басқа да илажлар табыслы өткерилди.

Өз-ара саўда көлеми турақлы пәтте өсип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Соңғы бес жылда бул көрсеткиш дерлик 3 есеге артып, өткен жылдың жуўмағына бола дерлик 1 миллиард долларға жетти. Усы жылдың өткен дәўиринде оның көлеми және 30 процентке артты. 360 қоспа кәрхана табыслы жумыс алып бармақта.

Жетекшилер күни кеше өз-ара саўда көлемин 2 миллиард долларға жеткериў бойынша анық ҳәрекетлер келисип алынғанын ҳәм аўыл хожалығы, машина қурылысы, фармацевтика, электротехника, жеңил санаат, мебель қурылысы ҳәм санааттың басқа да тармақларында жаңа кооперациялық жойбарлардан ибарат илажлар режесиниң қабыл етилгенин қоллап-қуўатлады.

Өзбекстан тыныш атомнан пайдаланыў ҳәм бул тараўда инфраструктураны қурыў бағдарында тәжирийбе алмасыўдан мәпдар екени билдирилди.

Кеше Минск қаласында болып өткен үшинши Өзбекстан-Беларусь аймақлараралық форумының пайдалы нәтийжелери айрықша атап өтилди. Оның жуўмағында саўда шәртнамалары ҳәм инвестициялық келисимлердиң салмақлы топламына қол қойылды.

Тәреплер халықаралық структуралар, соның ишинде Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, ҒМДА, ШБШ ҳәм Қосылмаў ҳәрекети шеңберинде өз-ара қоллап-қуўатлаўды даўам еттириўге исенимли умтылысларын тастыйықлады.

Жедел мәдений-гуманитарлық алмасыўды избе-из даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы Минск қаласында Өзбекстан – Беларусь дослық қыябанын қурыў басламасы ушын Александр Лукашенкоға миннетдаршылық билдирди.

Усы жылдың ақырына шекем биргеликтеги туризм, медицина ҳәм билимлендириў форумларын шөлкемлестириўге келисип алынды.
Мәжилис даўамында қоспа Ҳүкиметлераралық комиссия жәрдемши баслықларының есабатлары ҳәм сөйлесиўлер күн тәртиби бойынша анық усыныслары да тыңланды.

Соң Президент Шавкат Мирзиёев кәсиплеси Александр Лукашенконы рәсмий сапар менен Өзбекстанға келиўге мирәт етти.