Көшеден табылған баҳалы зат нызамлы түрде кимде қалыўы керек?

15

Ҳуқықый мүнәсибет

Егер бул жағдайда буйым имарат ишинде, соның ишинде, саўда комплекси, ресторан ямаса транспортта табылған болса, ол сол имарат ямаса транспорт басшылығына (ийесине) тапсырылыўы керек. Олар буйымның ийесин табыў бойынша таўып алыўшының ҳуқық ҳәм миннетлемелерин өз мойнына алады.

Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети Юридикалық клиникасының хызметкери Имомали Туев бул бойынша төмендегилерди мәлим етти:

– Пуқаралық кодексиниң 192-статьясына бола, табылған зат қайтарылыўын талап етиў ҳуқықына ийе шахс белгисиз болса ямаса оның мәнзили белгили болмаса, затты таўып алған шахс табылғаны ҳаққында ишки ислер уйымына, тийисли мәмлекетлик уйымларға ямаса пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымына мәлим етиўи шәрт.

Егер табылған заттыӊ ийеси арза менен мүрәжат етпесе, пуқаралық кодексиниң 193-статьясына бола, егер жойтылған затты алыўға ҳақылы болған шахс табылған зат ҳаққында ишки ислер уйымына ямаса тийисли мәмлекетлик уйымға хабар берилген ўақыттан баслап алты ай даўамында анықланбаса ҳәм затты тапқан шахсқа ямаса ишки ислер уйымына, тийисли мәмлекетлик уйымға ямаса пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымына усы затқа болған өзиниң ҳуқықы ҳаққында арыз етпесе, затты тапқан шахс оған ийелик етиў ҳуқықын алады.

Демек, таўып алынган қымбат баҳалы буйымның ийеси 6 ай ишинде табылмаса, мүлк ҳуқықы оны тапқан адамға өтеди.

Гулноза Бобоева,

ӨзА