Регионаллық бәсекиден турақлы интеграцияға қарай: британиялы профессор Орайлық Азияның бирден-бир сиясий мәкан сыпатында қәлиплесиўин түсиндирди

11

Итибарыңызға Уллы Британияның СентЭндрюс университетиниң профессоры, Орайлық Азия бойынша белгили изертлеўши Филиппо Коста БуранеллидиңОрайлық Азияда байланыслылықсистемалы пикирлеўсыпатында(“Connectivity as “Systemic Reasoning” in Central Asia”) атамасындағы мақаласы усыныс етиледи.

Илимпаз көп жыллар даўамында Орайлық Азиядағы халықаралық сиясий процесслерди изертлеп келмекте. Ол регионаллық, халықаралық тәртип ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлериниң сыртқы сиясатына байланыслы көплеген илимий мақалалар ҳәм монографиялардың авторы болып есапланады. Халықаралық қатнасықларды таллаўда конструктивистлик ҳәм системалы қатнас тәрепдары болған автор Орайлық Азияда болып атырған заманагөй интеграция процесслерине жаңаша концептуаллық қатнасты алға қояды.

Автордың атап өтиўинше, соңғы дерлик он жыл даўамында Орайлық Азия мисли көрилмеген дәрежеде регионаллық бирлесиўди көрсетпекте. Бул процесс мәмлекетлер арасындағы бирге ислесиўдиң дерлик барлық бағдарлары – дипломатия, саўда-экономикалық байланыслар, транспорт, экология, санаат, қәўипсизлик, билимлендириў ҳәм гуманитарлық тараўларды қамтып алмақта. Ф.Коста Буранеллидиң пикиринше, бул процесс ўақтыншалық ямаса жағдай талабы емес, ал стратегиялық өзгешеликке ийе болып, регионаллық раўажланыўдың пүткиллей жаңа моделин қәлиплестирип атырғанынан дерек береди.

Мақаланың илимий әҳмийети, бәринен бурын, онда алға қойылған жаңа концептуаллық көзқарасларда көринеди. Атап айтқанда, автор “системалы пикирлеў” (systemic reasoning) түсинигин илимий айланысқа киргизип, оны миллий мәплердиң дәстүрий талқылаўына қарама-қарсы қояды. Егер халық аралық қатнасықлардың классикалық теориясында мәмлекетлер, тийкарынан, өз мәплеринен келип шығатуғын субъектлер сыпатында талқыланса, системалы пикирлеў узақ мүддетли миллий мәплерге пүткил регионаллық системаның турақлылығын беккемлеў арқалы нәтийжелирек ерисиў мүмкин екенлигин аңлатады. Басқаша айтқанда, мәмлекетлер регионда турақлылық, өз-ара исеним ҳәм бирге ислесиўди сақлаўды ҳәр бир елдиң қәўипсизлигин ҳәм раўажланыўын тәмийинлейтуғын бийғәрез қәдирият сыпатында аңлай баслайды.

Автордың және бир әҳмийетли концептуаллық жантасыўы байланыслылық (connectivity) түсинигиниң кең түрде талқыланыўы болып табылады. Оның атап өтиўинше, байланыслылықты тек ғана транспорт инфраструктурасы, логистика коридорлары ямаса саўда бағдарлары менен шеклеп болмайды. Бул, бәринен бурын, жәмийетлер, институтлар, сиясий қәдириятлар ҳәм регионның улыўма келешеги ҳаққындағы көзқараслар арасындағы терең өз-ара байланысты сәўлелендиреди.

Сол себепли байланыслылық тек ғана автомобиль ҳәм темир жоллар, энергетика жойбарлары емес, ал сиясий сөйлесиў, билимлендириў тараўындағы бирге ислесиў, жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм илимий топарлар арасындағы байланыслар, парламентлераралық сөйлесиў, жаслар басламалары, мәдений алмасыўлар, трансшегаралық бирге ислесиў ҳәм екологиялық машқалаларды биргеликте шешиўди де қамтып алады. Автор талқылаўында байланыслылық раўажланыў қуралынан гөре кеңирек мәниске ийе болып, регионаллық тәртиптиң тийкарғы принципине айланады.

Мақаланың тийкарғы жуўмақларынан бири Орайлық Азиядағы көптүрлиликке болған қатнас пүткиллей өзгерген. Егер алдын экономикалық раўажланыў дәрежеси, сиясий моделлер ҳәм миллий мәплердеги айырмашылықлар интеграция жолындағы тосқынлық сыпатында баҳаланған болса, бүгинги күнде регион мәмлекетлери бул ҳәр түрлиликти өз-ара бир-бирин толықтыратуғын үстинлик ҳәм бирге ислесиў факторы сыпатында қабыл етпекте. Мине, усы айырмашылықлар мәмлекетлерге өз суверенитетин толық сақлаған ҳалда бир-бирин және де күшейтиў имканиятын бермекте.

Усы көзқарастан, автор Орайлық Азия мәмлекетлери регионаллық бирге ислесиўди суверенитетти шеклеўши фактор сыпатында емес, керисинше, оны беккемлеўдиң әҳмийетли механизми сыпатында баҳалап атырғанын атап өтеди. Миллий мәплер енди регионаллық мәплерге қарама-қарсы қойылмай атыр. Себеби регион турақлылығы ҳәр бир мәмлекеттиң қәўипсизлиги ҳәм раўажланыўының әҳмиетли шәртине айланбақта. Нәтийжеде миллий мәплерди бийкарламайтуғын, ал оларды үйлестиретуғын “регионаллық мәп” түсиниги қәлиплеспекте.

Мақалада регионаллық интеграцияның инсан факторына да айрықша итибар қаратылған. Автордың пикиринше, инсанлар арасындағы байланыслар узақ мүддетли бирге ислесиўдиң ең беккем тийкарын жаратады. Оған Орайлық Азияда улыўма билимлендириў мәканының қәлиплесиўи, жоқары билимлендириў мәкемелери арасындағы бирге ислесиўдиң кеңейиўи, ректорлар ҳәм тарийхшылар форумларының өткерилиўи, академиялық алмасыўлардың раўажланыўы, жаслар сиясаты, мәдений байланыслар ҳәм трансшегаралық бирге ислесиўдиң жеделлесиўи айқын мысал бола алады. Автордың атап өтиўинше, мине, усы процесслер өз-ара исеним, ҳүрмет ҳәм Орайлық Азияның улыўма келешеги ушын жуўапкершилик сезими тийкарында жаңа регионаллық өзликти қәлиплестирмекте.

Сондай-ақ, мақалада системалы байланыслылық принципи экологиялық сиясат, суў ресурсларын басқарыў, климат өзгериўи күн тәртиби ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеў сыяқлы бағдарларда да барған сайын айқын көзге тасланып атырғаны атап өтиледи. Бундай мәселелер енди айырым мәмлекетлер сиясатының жыйынтығы сыпатында емес, ал регион мәмлекетлериниң улыўма жуўапкершилигиниң көриниси сыпатында қаралмақта.

Изертлеўде Өзбекстанның регионаллық процесслер трансформациясындағы орны айрықша талланады. Автордың пикиринше, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мәмлекеттиң сыртқы сиясатының жаңаша бағдарға өтиўи Орайлық Азияда унамлы өзгерислердиң тийкарғы факторына айланды. Жақсы қоңсышылық принципиниң сыртқы сиясаттың тийкарғы бағдары сыпатында белгилениўи, қоңсы мәмлекетлер менен сиясий сөйлесиўдиң жеделлесиўи және регионның қәўипсизлиги ҳәм абаданлығы ушын улыўма жуўапкершилик идеясының алға қойылыўы пүткиллей жаңа исеним орталығын қәлиплестирди. Изертлеўшиниң баҳалаўынша, усы сиясий қатнас бәсекиге тийкарланған регионаллық моделинен мәмлекетлер Орайлық Азияны бирден-бир сиясий мәкан сыпатында аңлай баслаған кооперациялық плюрализм моделине өтиўге тийкар жаратты.

Мақаладағы әҳмийетли жуўмақлардан бири соннан ибарат, бүгинги күнде Орайлық Азиядағы регионаллық бирге ислесиў тек ғана избе-из раўажланып қоймастан, ал артқа қайтпайтуғын түрге енбекте. Автор бул процессти өз-ара байланыслылық, исеним, суверенитетти ҳүрмет етиў және регионның раўажланыўы ушын улыўма жуўапкершилик принциплерине тийкарланған жаңа регионаллық тәртип қәлиплесип атырғанының айқын көриниси сыпатында баҳалайды. Усы көзқарастан, байланыслылық енди айрықша сиясий бағдар емес, ал инфраструктура жойбарлары, экономикалық бирге ислесиў, гуманитарлық байланыслар ҳәм сиясий қарым-қатнасты бирден-бир турақлы раўажланыў концепциясы шеңберинде бирлестиретуғын регионаллық системаның фундаменталлық принципине айланбақта.

ӨзА