Хызметкерлердиң нызамлы ҳуқықлары қорғалмақта

17

Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық Кеңесиниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша мийнет ҳуқық инспекторы тәрепинен 2026-жылдың биринши ярым жыллығында Республикалық кеңестиң жыллық жумыс-режесине муўапық Елликқала районы медицина бирлеспесинде жәмийетлик қадағалаў тәртибинде үйрениў өткерилди ҳәм медицина бирлеспесинде ислеп атырған хызметкерлерге айлық мийнет ҳақылары ҳәм басқа да төлемлер төленип атырғанлығы жағдайы үйренилди.

Өткерилген үйрениў даўамында хызметкерлерге айлық үстемелери, хошаметлеў пуллары, материаллық жәрдем пуллары, социаллық напақа пуллары ҳәм хызмет сапары пуллары төлеп берилмей киятырғанлығы анықланды.

Усы жоқарыдағыларға тийкар Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 4-апрельдеги 174-санлы Қарары талапларына тийкар және Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигинен 3416-саны менен дизимге алынған реже талапларына тийкар хызметкерлерге айлық үстемелери, материаллық жәрдем пуллары ҳәм маманлығын арттырыўға барып келген қәрежет пуллары төлеп берилиўин және анықланған кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде мийнет ҳуқық инспекторы тәрепинен Елликқала районы медицина бирлеспеси баслығына жазба көрсетпе киргизилди.

Алып барылған жумыслар нәтийжесинде Елликқала районы медицина бирлеспеси хызметкерлериниң мийнет ҳақылары қайта есаплап шығылып, 191 хызметкерге жәми 379 млн 068 мың 565 сум қаржылар өндирип берилиўине ерисилди.

Бундай ийгиликли ислер белгиленген ис-режеге тийкар республикамыз бойлап еле де даўам ете береди.

 

Д.Уразбаев,

Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери

Кәсиплик аўқамы Республикалық Кеңесиниң

Қарақалпақстан Республикасы бойынша

мийнет ҳуқық инспекторы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги