2026-жыл 1-августтан баслап мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң архив жумысына байланыслы барлық мағлыўматлары ҳәм ҳүжжетлери Архив мәлимлеме системасында қәлиплестириледи ҳәм жүргизиледи

11

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети “Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң архив ҳүжжетлерин электрон түрде сақлаў системасын буннан былай да жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында” қарар қабыл етти.

Оған муўапық:

2026-жыл 1-августтан баслап мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң архив жумысына байланыслы барлық мағлыўматлары ҳәм ҳүжжетлери Архив мәлимлеме системасында қәлиплестириледи ҳәм жүргизиледи (мәмлекетлик сырды қураўшы мағлыўматлар буған кирмейди);

электрон формадағы архив ҳүжжетлерин, соның ишинде, хызмет шеңберинде пайдаланыў ушын грифли ҳүжжетлер Архив мәлимлеме системасы арқалы тапсырылады ҳәм қабыл етиледи.

Онда хызмет шеңберинде пайдаланыў ушын грифли ҳүжжетлер Архив мәлимлеме системасында тийисли экспертизадан өткерилгеннен соң қабыл етиледи;

мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер Архив мәлимлеме системасын жүргизиў бойынша қәрежетлерди өзлериниң бюджеттен тысқары қаржылары ҳәм нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дереклер есабынан әмелге асырады.

Қарар менен Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң архив ҳүжжетлерин Бирден-бир миллий архив мәлимлеме системасында электрон түрде сақлаў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Усы Реже республикалық ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары және хожалық бирлеспелери, сондай-ақ, басқа да мәмлекетлик шөлкемлердиң архив жумысына байланыслы ҳүжжетлерин электрон тәризде қәлиплестириў ҳәм жүргизиў және Бирден-бир миллий архив мәлимлеме системасынан пайдаланыў тәртибин белгилейди.

Реже мәмлекетлик сырларды қурайтуғын мағлыўматларды өз ишине алған ҳүжжетлер менен ислесиўге қолланылмайды.

Электрон тәриздеги мәмлекетлик сырларды қурайтуғын архив ҳүжжетлериниң мәлимлеме системаларында сақланыўы өз алдына нызамшылық ҳүжжетлери менен тәртипке салынады.

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы “Өзархив” агентлиги Архив мәлимлеме системасының мүлк ийеси, Әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелеринде мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў орайы операторы етип белгиленди.

Оператор Архив мәлимлеме системасын енгизиў, оған техникалық хызмет көрсетиў, жетилистириў, сондай-ақ, оның үзликсиз ҳәм қәўипсиз ислеўи ушын жуўапкер есапланады.

Еки ай мүддетте усы қарардың талапларынан келип шығып, Архив мәлимлеме системасы жетилистириледи ҳәм тийисли мәлимлеме системалары менен интеграцияланады.

Алты ай мүддетте Архив мәлимлеме системасы хызмет шеңберинде пайдаланыў ушын грифли ҳүжжетлер менен ислесиў қағыйдаларының талапларына муўапықластырылады.

Еки ай мүддетте орынлаў тәртиби “Ijro.gov.uz”  уйымлараралық бирден-бир электрон системасы тийкарында ислеп шығылған “edo.ijro.uz” электрон ҳүжжет айланысы системасы ҳәм Бирден-бир идентификация системасы (id.egov.uz) Архив мәлимлеме системасы менен интеграцияланады.

Мағлыўмат орнында, алдын Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Архив иси тараўын санластырыў ҳәм тараўда басқарыў нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында”ғы 2025-жыл 24-ноябрьдеги ПП-228-санлы Пәрманына муўапық:

архив хызметлерин санластырыўда қолланылатуғын әмелдеги архив мәлимлеме системалары тийкарында Бирден-бир миллий архив мәлимлеме системасының енгизилиўи;

барлық санластырылған ҳәм келешекте санластырылатуғын архив ҳүжжетлери Архив мәлимлеме системасына киргизилиўи ҳәм системада сақланыўы белгиленген;

Архив мәлимлеме системасы электрон ҳүкимет орайы және басқа да министрликлер ҳәм уйымлардың мәлимлеме системалары ҳәм базалары менен интеграцияланатуғыны мәлим етилген еди.

ӨзА