Өзбекстан БМШ институтлары менен бирге ислесиўди кеңейтпекте

13

Өзбекстан делегациясы АҚШтың Нью-Йорк қаласында болып өтип атырған БМШтың Турақлы раўажланыў мақсетлери бойынша жоқары дәрежедеги Форумында қатнасып атырғаны ҳаққында хабар берген едик.

Өзбекстан делегациясы форум шеңберинде бир қатар ушырасыўлар да өткермекте.

Атап айтқанда, делегациямыз БМШ Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО) ниң Нью-Йорктағы бюросының директоры Анхелика Хакоме ҳәм эксперт Ли Фенг пенен еки тәреплеме ушырасыў өткерди.

Сөйлесиўде ФАО ўәкиллери Өзбекстандағы суў реформаларын жоқары баҳалап, тараўда гендер теңликти тәмийинлеў, атап айтқанда, “Ҳаял-қызлар суў ҳәптелиги”ниң шөлкемлестирилиўин айрықша атап өтти. А.Хакоме дүньяда ҳаял-қызлар аўыл ҳәм суў хожалығында тек ғана 30-35 процентти қурайтуғынын атап өтип, бул мәселениң әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Сондай-ақ, ушырасыўда ФАОның дүнья мәмлекетлери суў нызамшылығын жәмлестиретуғын “WaterLex” базасында Өзбекстанның Суў кодексине айрықша итибар қаратылыўы ҳәм усы платформаға киргизилиўи келисип алынды.

Сөйлесиўлерде суў тараўында илимий бирге ислесиў мәселелери де додаланбақта.

Өзбекстан делегациясы БМШтың Суў ресурслары, қоршаған орталық ҳәм саламатлық институты (UNU-INWEH) директоры, профессор Кавех Мадани менен еки тәреплеме ушырасыў өткерди.

Ушырасыў даўамында профессор К.Мадани Өзбекстанда суў қәўипсизлигин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған реформаларға жоқары баҳа берди.

– Барлық мәмлекетлерде де суў мәселесине Өзбекстан Президенти дәрежесинде стратегиялық әҳмийет берилмей атыр, – деп айрықша атап өтти. UNU-INWEH директоры. – Көпшилик мәмлекетлерде бар суў машқалаларының түп тамырларын көп тәреплеме баҳалаў ҳәм оларға системалы шешим табыўға жетерли итибар қаратылмай атыр.

Сондай-ақ, К.Мадани Институт Өзбекстанды суў тараўындағы илимий кадрлардың маманлығын арттырыў, илимий жақтан қоллап-қуўатлаў ҳәм жергиликли илимий-изертлеў ҳәм таллаў орайлары менен тығыз бирге ислесиўге толық таяр екенин билдирди.

ӨзА