Бир тамшы артындағы стратегия: Неге БМШ Өзбекстанды таңлады?

13

Арал теңизиниң қурыўы адамзат тарийхындағы ең ири экологиялық апатшылықлардан бири сыпатында тилге алынады. Бир неше он жыллар алдын пүткил регион ушын тиришилик дереги болған үлкен суў бассейни бүгин қум ҳәм дуз майданына айланған. Климат өзгериўи, халық санының өсиўи ҳәм экономика талабының артыўы шараятында суў барған сайын стратегиялық ресурс статусын алмақта.

Усындай қыйын жағдайда БМШтың “UN-Water” структурасы 2026-жыл арнаўлы изертлеўи ушын Өзбекстанды таңлағаны бийкарға емес. Шөлкем мәмлекеттиң Турақлы раўажланыў мақсетлериниң 6-бағдары – суў ресурсларын нәтийжели басқарыў тараўында ерискен нәтийжелерин халықаралық көлемдеги әҳмийетли тәжирийбе сыпатында баҳалаған.

Суў тамтарыслығы – Орайлық Азия ушын баслы мәселе

География Өзбекстанды суў мәселесинде жүдә сезгир мәмлекетлер қатарына қояды. Мәмлекеттиң қайта тиклениўши суў резервиниң салмақлы бөлеги сыртқы дереклер есабынан қәлиплеседи. Әмиўдәрья, Сырдәрья, Зарафшан, Шыршық сыяқлы трансшегаралық өзгешеликке ийе тийкарғы дәрьялардың тәғдири регионаллық бирге ислесиў менен тығыз байланыслы. Яғный, суў ресурсларын нәтийжели басқарыў тек ғана экономикалық емес, ал сыртқы сиясат ҳәм қәўипсизлик мәселеси де болып есапланады.

Есабатта атап өтилиўинше, мәмлекет аймағының үлкен бөлеги қурғақ климат регионында жайласқан. Теңиздиң дерлик жоқ болыўы ақыбетинде пайда болған Аралқум аймағы болса экологиялық басымды және де күшейтпекте.

Бес жыл ишинде кескин бурылыс

“UN-Water” аналитиклериниң итибарын тартқан тийкарғы факторлардан бири суўдың жумсалыўын азайтыў бойынша салыстырмалы қысқа мүддетте ерисилген нәтийже болып есапланады. Мағлыўматқа бола, 2017-жылы мәмлекетте суў тамтарыслығы дәрежеси 169 процентти қураған, 2021-жылға келип бул көрсеткиш 122 процентке түскен. Төрт жыл даўамында атап өтилген 47 процент төменлеў халықаралық көлемде оғада жоқары унамлы пәт сыпатында тән алынды. Бул санлардың астында және бир әҳмийетли жағдай жасырынған. Гәп сонда, өзгерис тәбийий факторлар есабынан емес, ал басқарыў системасындағы реформа сыпатында жүз берген. Атап айтқанда, улыўма суўдан пайдаланыў 58,9 миллиард куб метрден 42,5 миллиард куб метрге шекем азайған. Тийкарғы үнемлеў аўыл хожалығында бақланған. Бул бийкарға емес, себеби елимизде пайдаланылып атырған суўдың 92 проценти әйне аграр сектордың үлесине туўра келеди.

БМШ тән алған тийкарғы фактор – сиясий ерк-ықрар

Есабатта технология шешиминен алдын сиясий басшылық биринши орынға қойылған. Изертлеў авторлары мәмлекетте суў мәселеси мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилгенин айрықша атап өтеди. “Өзбекстан-2030” стратегиясында суўдан ақылға уғрас пайдаланыў, суўғарыў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм заманагөй технологияны кеңнен енгизиў тийкарғы ўазыйпа етип белгиленген. Негизинде, БМШ баҳалаўының тийкарғы мазмуны да усы жерде көринеди.

Ҳүжжет Өзбекстан мысалында суў тамтарыслығын тек ғана жаңа канал ямаса насос қурыў арқалы емес, ал басқарыў системасын өзгертиў, финанслық механизмди жаңалаў ҳәм жәмийетте ресурсларға мүнәсибетти қайта қәлиплестириў арқалы жумсартыў мүмкин екенлигин көрсетеди.

Суўды үнемлеў енди тек агротехникалық емес, экономикалық мәселе

БМШ ҳүжжетинде айрықша атап өтилген тәреплерден бири – суўдан нәтийжели пайдаланыўды хошаметлеўши экономикалық механизм енгизилгени.

Бурынлары көп мәмлекетлерде болғаны сыяқлы, суўды үнемлеў ҳаққында сөз етилетуғын еди, бирақ фермер ушын буның экономикалық пайдасы ҳәр қашан да анық көринбейтуғын еди. Өзбекстанда болса әне усы қатнас өзгерди. Суўды үнемлейтуғын технологияны енгизбекши болған хожалықларға жеңиллетилген кредит берилмекте, үскенелер орнатылғаннан кейин болса мәмлекетлик субсидия ҳәм салық жеңиллиги қолланылмақта.

Әҳмийетлиси, система суўды үнемлеўди экологиялық шақырықтан экономикалық мәпке айландырды. Нәтийжеде тамшылатып суўғарыў, жаўынлатып суўғарыў ҳәм жерди лазер жәрдеминде тегислеў технологиялары тез пәт пенен раўажланбақта.

Санластырыў: ҳәр бир тамшы қадағалаўда

Есабатта келтирилиўинше, мәмлекет суў ресурсларын басқарыўда санлы технологияға көбирек сүйене баслады. Ақыллы есаплағыш ҳәм сенсорлар арқалы суўдың жумсалыўына байланыслы мағлыўмат ҳақыйқый ўақытқа салыстырғанда алынбақта. Усы тәризде тек ғана жоғалтыў азайтылмақта емес, ал қарар қабыл етиў процеси де анық өтпекте.

Және бир әҳмийетли жаңалық электрон төлем системасының енгизилиўи болып есапланады. Ҳәзирге шекем есап-санақта ушырасқан машқала санлы шешим арқалы сапластырылмақта. Енди суўдан пайдаланыў үстинен қадағалаў да, тараўдың финанслық турақлылығы да күшейген.

Таллаўшылардың пикиринше, келешекте тараў бәсекиси инфраструктура емес, мәлимлеме сапасы ҳәм басқарыў нәтийжелилигине байланыслы болып өтеди. Өзбекстан усы бағдарда ҳәрекет етип атырған мәмлекетлер қатарына киреди.

Машқаланы қәниге шешеди

Ҳеш қандай технология басқарыўшы кадрларсыз күтилген нәтийжени бермейди. Соның ушын мәмлекетте барлық районларды қамтып алған Суў қәнигелери мектеби шөлкемлестирилип, фермерлер, тараў хызметкерлери заманагөй суўғарыў усыллары және жаңа технология бойынша оқытылмақта.

БМШ экспертлери бул тәжирийбени суў тараўындағы оғада қызықлы институционаллық шешим сыпатында баҳалайды, себеби бул системада кредит, технология ҳәм билимлендириў бирден-бир шынжырға бирлескен.

Және бир әҳмийетли қәдем – Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университетинде халықаралық суў дипломатиясы бойынша магистратура бағдарламасының жолға қойылғаны. Бул баслама трансшегаралық дәрьялар мәселесинде жаңа әўлад қәнигелерин таярлаўға хызмет етпекте.

Арал бойындағы тәжирийбе дүнья итибарын тартпақта

Есабаттың ең тәсирли бөлеги Арал теңизи менен байланыслы. Бир ўақытлары суў менен қапланған үлкен аймақта бүгин миллионлаған гектар жаңа шөлистанлық қәлиплескен. Өзбекстан бул майданларды сексеўил ҳәм басқа да қурғақшылыққа шыдамлы өсимликлер менен қаплаў бойынша дүньядағы ири экологиялық тиклениў бағдарламасын әмелге асырмақта.

БМШ бул жойбарды тек ғана екологиялық емес, ал инновациялық көзқарас сыпатында да баҳалайды. Себеби, мақсет тек ғана жерди көклемзарластырыў емес, ал дуз ҳәм шаң боранын азайтыў, халықтың саламатлығын қорғаў ҳәм регионда климаттың турақлылығын беккемлеўден ибарат.

Өзбекстан тәжирийбеси не ушын әҳмийетли?

“UN-Water” аналитиклери бир жуўмаққа келген: Өзбекстан еле суў тамтарыслығы машқаласын толық шешкен жоқ. Мәмлекетте суўдың жумсалыўын және де азайтыў, жер асты суўын қорғаў ҳәм екологиялық системаға жетерли суў ажыратыў сыяқлы ўазыйпалар сақланып қалмақта. Демек, тийкарғы нәтийже басқа тәрепте.

Соӊғы жыллары суў тараўында әмелге асырылып атырған реформа Орайлық Азиядағы әҳмийетли машқалаға пүткиллей жаңа қатнас қәлиплестирди. БМШ Өзбекстанды 2026-жыл арнаўлы изертлеўи ушын таңлағаны мине усының менен түсиндириледи.

Суў ресурслары ушын бәсеки күшейип баратырған ҳәзирги дәўирде мәмлекетимиз тәжирийбеси тек ғана миллий әҳмийетке ийе емес, ал Орайлық Азияның келешектеги раўажланыўы, экологиялық қәўипсизлиги ҳәм регионаллық турақлылығы ушын да әҳмийетли үлгиге айланбақта.

Мусулмон Зиё, ӨзА