Өзбекстан Президентин рәсмий күтип алыў мәресими болып өтти

49

Минск қаласындағы Ғәрезсизлик сарайында рәсмий сапар менен Беларусь Республикасында болып турған Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти салтанатлы күтип алыў мәресими өткерилди.

Сарай алдындағы майданда еки мәмлекеттиң байрақлары көтерилди ҳәм ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Мәмлекетимиз басшысын Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко қызғын күтип алды.

Мәмлекетлик гимнлер жаңлады.

Жетекшилер ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтип, рәсмий делегациялар ағзаларын қутлықлады.

Биргеликте сүўретке түсирилгеннен соң жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер басланды.

ӨзА