Және бир нызамсыз қурылыс мәжбүрий буздырылды

44

Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм оның аймақлық бөлимлери тәрепинен суд қарарларына тийкарланып, пуқаралар тәрепинен өзбасымшалық пенен нызамсыз қурылған қурылысларды мәжбүрий бузыў жумыслары әмелге асырылмақта.

Мәселен, пуқаралық ислери бойынша Беруний районлар аралық судының усы жыл 16-март күнги қарарына тийкарланып, районның Туран мәкан пуқаралар жыйыны Шаббаз массивиниң аймағындағы 224,8 кв.м. жер майданына өзбасымшалық пенен қурылған фундаментти мәжбүрий бузыў ҳәм жер майданын жарамлы жағдайға келтириў белгиленген.

Бул қарар бойынша Мәжбүрий орынлаў бюросы Беруний районы бөлими мәмлекетлик орынлаўшысы тәрепинен орынлаў ҳәрекетлерине кирисилди. Соның ишинде, жуўапкерге нызамсыз қурылысты өз есабынан бузыўы керек екенлиги ҳаққында бир неше мәрте түсиндириў ҳәм ескертиў берилди. Соған қарамастан, жуўапкер тәрепинен нызамсыз қурылыс ықтыярлы түрде сапластырылмаған.

Сол себепли, бул нызамсыз қурылыс усы жылдың 3-июль күни Бюро хызметкерлери тәрепинен, арнаўлы техникалар жәрдеминде мәжбүрий бузып тасланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги