Өзбекстан – Россия: спорт тараўындағы бирге ислесиў мәселелери додаланды

Өзбекстан Республикасы спорт министри Адҳам Икромов ҳәм Россия Федерациясының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Александр Ерхов арасында өткерилген ушырасыўда елимизде енгизилген “Физикалық таярлық дәрежеси” спорт сынақларын елшихана хызметкерлери арасында да енгизиў басламасы алға қойылды.
Ушырасыўда Өзбекстанда профессионал спорт пенен бир қатарда ғалабалық спорт ҳәрекети, халық арасында саламат турмыс тәризин раўажландырыў, заманагөй спорт комплекслерин қурыў бағдарында кең көлемли жумыслардың әмелге асырылып атырғаны жоқары баҳаланды.
Еки ел арасында түрли тараўларда орнатылған беккем байланыслар нәтийжесинде жоқары нәтийжелерге ерисилип атырғаны, атап айтқанда, денетәрбия ҳәм спорт, спорт билимлендириўи, қәнигелер алмасыўы, биргеликтеги шынығыўлар сыяқлы бағдарлардағы бирге ислесиў жаңа басқышқа көтерилип атырғаны атап өтилди.
Тәреплер еки мәмлекет арасында бир қатар спорт түрлерин раўажландырыў бойынша тәжирийбе алмасыў жумысы жолға қойылғанын атап өтип, бул бағдардағы жумысларды жеделлестириў бойынша усыныслар алға қойылды.
Т.Рўзиев, ӨзА