Сенаттың он жетинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады

116

Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он жетинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.

Оған Сенат ҳәм Ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнаспақта.

Сенат Баслығы Танзила Норбоева басқарып атырған мәжилис күн тәртибине мәмлекеттиң социаллық-экономикалық раўажланыўы, мәмлекетлик басқарыў, қурылыс, техникалық жақтан тәртипке салыў, өрт қәўипсизлиги, фармацевтика, социаллық қорғаў, санлы технологиялар, халықаралық бирге ислесиў ҳәм нызамшылықты жетилистириўге қаратылған бир қатар әҳмийетли мәселелер киргизилди.

“Ташкент халықаралық финанс орайы ҳаққында”ғы ҳәм “Санлы технологиялар халықаралық орайы ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасының конституциялық нызамлары, “Социаллық жумыс ҳаққында”ғы нызам усылардың қатарына киреди.

Жалпы мәжилисте балаларды социаллық қорғаў, күш көрсетиў ҳәм зорлықтан жәбирленген шахсларға социаллық хызметлер көрсетиў системасын жетилистириў, техникалық жақтан тәртипке салыў, қурылыс тараўында мәмлекетлик қадағалаў, өрт қәўипсизлиги, мәмлекетлик пуқаралық хызмети, фармацевтика тараўы ҳәм басқа да бир қатар бағдарларға байланыслы нызамлар да додаланады.

Өзбекстан Республикасының тийкарғы халықаралық рейтинг ҳәм индекслердеги орнын жақсылаў ҳаққындағы миллий баянат тыңланады.

Буннан тысқары, басқарыў сервис компаниялары ҳәм турақ жай мүлк ийелери ширкетлери тәрепинен көрсетилип атырған хызметлердиң сапасы бойынша Министрлер Кабинетине жиберилген парламентлик сораў нәтийжелери көрип шығылады.

                                                         Н.Абдураимова, 

Н.Ҳайдаров (фото), ӨзА