Қарақалпақстан делегациясы ушын форум нәтийжели болды

Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги ҳәм Қубла Кореяның жетекши энергетика структуралары менен биргеликте шөлкемлестирилген II Халықаралық Өзбекстан-Корея энергетика форумы (Energy Value Networks Forum) жуўмақланды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы И.Ниязов басшылығындағы Қарақалпақстан делегациясы да қатнасты.



Еки күнлик жоқары дәрежедеги илаж шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы делегациясы тәрепинен аймақта жасыл экономика ҳәм жоқары технологияларды енгизиўге қаратылған, сондай-ақ, аймақты жасыл энергетика ҳәм инновациялар орайына айландырыў бойынша әҳмийетли келисимлерге ерисилди.
Атап айтқанда, Корея климат өзгериўи институты менен ерисилген келисим шеңберинде социаллық объектлерди қуяш панельлери менен тәмийинлеў, “ForEMDX” шөлкеми менен энергетика системасына жасалма интеллект технологияларын енгизиў ҳәм ақыллы басқарыў системаларын (Smart Grid) жолға қойыў, “GoodByeCar” шөлкеми менен Қарақалпақстанда электромобильлер (ЕV) батареяларын қәўипсиз утилизациялаў, оларды екилемши энергия сақлаў системалары (ЭСС) сыпатында қайта ислеў инфраструктурасын жаратыў нәзерде тутылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги