Қарақалпақстанға жаңа трансформатор пунктлери алып келинди

Бүгинги күнде республикамызда төмен күшлениўли электр тармақларын модернизациялаў ҳәм реконструкциялаў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Соны айрықша айтыў керек, усы жылы арнаўлы бағдарламалар шеңберинде Қарақалпақстанда жәми 818,4 километрлик 0,4-10 кВ.лық электр узатыў тармақлары, 219 трансформатор пунктлери, 7 ячейка және 8 бөлистириў пунктлерин (РП) реконструкциялаў ҳәм модернизациялаў жумысларын алып барыў режелестирилген. Соннан, бүгинги күнге шекем әмелде 212,8 километрлик электр узатыў тармақлары ҳәм 23 трансформатор пунктлери орнатылып, қурылыс-монтажлаў жумыслары даўам етпекте.

Әмелге асырылып атырған жумыслар қатарында мәмлекетимиз басшысының арнаўлы тапсырмасына тийкар 459-санлы Президент қарары ҳәм Министрлер Кабинетиниң 53-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 2025-2029-жыллар аралығында Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Сурхандәрья ўәлаятында Жәҳән банкиниң 50 миллион АҚШ доллары муғдарындағы қаржылары есабынан төмен күшлениўли 0,4-110 кВ.лық тармақларды модернизациялаў ҳәм реконструкциялаў нәзерде тутылған.
Усы жойбар шеңберинде 2026-жылы 102,2 млрд. сумға шамалас қаржы есабынан Қарақалпақстанда 462,5 километрлик электр узатыў тармақлары, 8 бөлистириў пункти (РП), 6 ячейка ҳәм 118 трансформатордың жаңадан орнатылыўы белгиленген. Бүгинги күнде объектлердиң жойбар-сметалық жумыслары жуўмақланып, қурылыс-монтажлаў жумысларын баслаў ушын зәрүр материаллар топланбақта.

Жақында усы жойбардағы жумыслар шеңберинде 8 дана трансформатор пунктлери Қарақалпақстанға алып келинди. Және 110 дана трансформатор алып келинеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги