Өзбекстан Президентиниң Беларусьқа рәсмий сапары басланды

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенконың мирәт етиўине бола 8-июль күни рәсмий сапар менен Минск қаласына келди.
Беларусь пайтахтының халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысын Беларусь Республикасы Бас министри Александр Турчин, сыртқы ислер министри Максим Риженков ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.
Жоқары мәртебели мийман ҳүрметине еки елдиң мәмлекетлик байрақлары көтерилди ҳәм ҳүрметли қараўыл сап тартты.
Мәмлекетимиз басшысы Минск қаласына келгеннен соң, Жеңис монументине гүл қойды.
Әскерий оркестрдиң атқарыўында еки мәмлекеттиң гимнлери жаңлады. Ҳүрметли қараўыл әскерлери салтанатлы түрде жүрип өтти.
Рәсмий сапар шеңберинде Президентлер Шавкат Мирзиёев ҳәм Александр Лукашенко рәсмий емес ушырасыў өткерди.
Беларусь жетекшиси мәмлекетимиз басшысын қызғын қутлықлап, сапар ушын миннетдаршылық билдирди. Президентлер болажақ сөйлесиўлердиң күн тәртиби бойынша пикир алысты.
Сапар алдында болып өткен илажлар, соның ишинде, еки ел исбилермен топарларының қатнасыўындағы Аймақлараралық форумның жуўмақлары жоқары баҳаланды.
Сапардың тийкарғы илажлары 9-июль күни болып өтеди. Ғәрезсизлик сарайында Өзбекстан ҳәм Беларусь жетекшилери сөйлесиў өткереди.
ӨзА