Нөкис қаласына алып келинген жаңа автобуслар қандай қолайлықларға ийе?

Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги мәлимлеме хызметиниң мәлим етиўинше, Нөкис қаласында халыққа көрсетилип атырған транспорт хызметлериниң сапасын арттырыў, жолаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў, қалалық жәмийетлик транспорт системасын жетилистириў бойынша зәрүр илажлар көрилмекте.
Республикада жолаўшы тасыў жумысы менен шуғылланыўшы исбилерменлик субъектлери тәрепинен ҳәрекетлениў қурамын жаңалаған ҳалда жолаўшыларға қолайлы ҳәм қәўипсиз хызмет көрсетиўди шөлкемлестириў мәселесине айрықша итибар қаратылмақта.
Қалада жолаўшы тасыў жумысы менен шуғылланыўшы “Fayz avangard” ЖШЖ тәрепинен Қытай Халық Республикасынан қалалық жәмийетлик транспорт инфраструктурасын жетилистириў мақсетинде 32 дана автобус алып келинбекте.

Жақында Нөкис қаласына усы автобуслардың дәслепки 12 си алып келинди. Қалған 20 сы келеси ҳәптеде қалаға жетип келеди. Жаңадан алып келинген автобуслар қала ишиндеги 2 жөнелис бойынша жолаўшыларға хызмет көрсетиўи режелестирилген.
– 70 жолаўшыны қолайлы шараятларда мәнзиллерине жеткериўге мөлшерленген бул автобуслар төмен поллы болып, майыплығы болған шахслар ҳәрекетлениўи ушын арнаўлы пандус үскенелери ҳәм өз алдына орынлықлар менен үскенеленген, – дейди Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги мәлимлеме хызметиниң баслығы Захида Қалжанова. – Жол ҳақы төлемлерин электрон тәризде де әмелге асырыў ушын АТТО системасы орнатылған.

Мағлыўмат ушын, өткен жылы брутто-шәртнама системасы тийкарында қала ишинде еки жөнелиске жаңа 24 автобус жайластырылған еди. Ҳәзирги күнде олар халыққа сапалы хызмет көрсетип келмекте. Бул система тийкарында негизинде қала бойлап 20 жөнелис шөлкемлестирилген. Ҳәзирги күнде соннан екеўи – 24А ҳәм 7А жөнелислерине автобуслар жайластырылды.
Енди 2026-жылдың ақырына шекем және 100 ден аслам автобуслар алып келиниўи режелестирилген. Нөкис қаласы ишиндеги барлық жөнелислер бойынша автобуслар қатнаўы жолға қойылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги