Шымбайдағы газ тармақлары реконструкцияланбақта

Быйыл республикамызда, жәми 70,7 километрлик газ тармақларында қурылыс-реконструкциялаў жумысларын алып барыў режелестирилген. Соннан, 2026-2027-жылғы гүзги-қысқы мәўсимди артықша зыянсыз өткериў мақсетинде аймақларда белгилеп алынған жумыслар да қызғын даўам етпекте.
Ҳәзирги ўақытта «Ҳудудгаз Қарақалпақстан» газ тәмийнаты филиалына қараслы қурылыс-монтажлаў басқарамасы тәрепинен Шымбай районындағы Темир жол гүзары мәкан пуқаралар жыйыны аймағында алып барылып атырған реконструкциялаў жумыслары да солардың қатарына киреди.

Қурылыс-монтажлаў басқармасы тәрепинен бул жерде усы мәҳәлледеги тутыныўшыларды тәбийий газ бенен тәмийинлеўши узынлығы 1,2 километрлик, д-159 мм. болған орта басымлы жер асты газ тармақлары жер үстине шығарылып, қурылыс жумыслары алып барылмақта.
Бул жумыслардан гөзленген тийкарғы мақсет – газ бөлистириў станцияларынан қабыллап алынған тәбийий газди артықша жоғалтыўларсыз тутыныўшыларға жеткерип бериў болып есапланады. Сондай-ақ, олардың тәбийий газден қәўипсиз пайдаланыўын тәмийинлеўден ибарат.

Реконструкциялаў жумыслары тез арада толық жуўмақланса, аймақтағы 850 ден аслам хожалықтың тәбийий газ бенен тәмийинлениўи жақсыланады.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.