Қоңырат районы ҳәм Қашқадәрья ўәлаятының бирге ислесиўи беккемленбекте

Усы жылдың 5-6-июль күнлери Қоңырат районы делегациясы өз-ара тәжирийбе алмасыў, инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм исбилерменлик байланысларын беккемлеў мақсетинде Қашқадәрья ўәлаятында хызмет сапарында болды.
Бул сапар етиў аймақлар арасында тәжирийбе алмасыў менен бир қатарда, келешекте жаңа инвестициялық жойбарларды ҳәм әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў ушын беккем тийкар жаратты.

Дәслеп, сапар бағдарламасы шеңберинде делегация ағзалары Яккабоғ районында жумыс алып барып атырған «Гүмис гүз ақшамы» ҳәм «Ақташ келешеги» ири көп тармақлы шарўашылық комплекслериниң жумысы менен танысып, шарўашылық тараўында қолланылып атырған алдынғы тәжирийбелерди үйренди.

Сондай-ақ, Шаҳрисабз районындағы «Мираки» посёлкасында Инвестициялар, санаат ҳәм саўда басқармасы, Саўда-санаат палатасы, Китаб, Шаҳрисабз ҳәм Яккабоғ районлары ҳәкимликлери және еки аймақтың 20 исбилермениниң қатнасыўында бизнес-форум ҳәм B2B ушырасыўлар шөлкемлестирилди.

Илаж даўамында Қоңырат районының инвестициялық потенциалы, исбилерменликти раўажландырыў ушын жаратылған шараятлар ҳәм перспективалы жойбарлар бойынша презентация өткерилди.

Ушырасыўлар жуўмағында Қоңырат районы ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларының исбилерменлери арасында саўда-экономикалық байланысларды буннан былай да раўажландырыў, қоспа жойбарларды әмелге асырыў ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша бир қатар келисимлерге ерисилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги