Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң билимлендириў бағдарламасы халықаралық аккредитациядан өтти

Хош хабар!
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 10 бакалавриат тәлим бағдары ҳәм 10 магистратура қәнигелиги Германияның «ACQUIN» халықаралық аккредитация ҳәм сапаны тәмийинлеў агентлиги тәрепинен халықаралық аккредитациядан өтти.
Бул халықаралық аккредитация университеттиң билимлендириў бағдарламаларының Европа ҳәм халықаралық сапа стандартларына муўапықлығын тастыйықлайды ҳәм жоқары оқыў орнының халықаралық майдандағы абырайы ҳәм бәсекиге шыдамлылығын және де арттырады.
Бул өз гезегинде университет ушын кең имканиятларды жаратады. Яғный сырт ел профессор-оқытыўшылары ҳәм илимпазларын билимлендириў ҳәм илимий жумысқа кеңирек тартыў, сырт елли студентлер санын арттырыў, студентлер ҳәм профессор-оқытыўшылардың Европа ҳәм басқа да мәмлекетлердиң абырайлы жоқары билимлендириў мәкемелери менен академиялық алмасыў бағдарламаларында белсене қатнасыўына тийкар жаратады.
Сондай-ақ, халықаралық грантлар, илимий-изертлеў жойбарлары ҳәм сырт ел инвестицияларын тартыўда университеттиң исенимлилигин ҳәм потенциалын арттырыў, питкериўшилердиң дипломлары ҳәм билимлендириў нәтийжелериниң халықаралық көлемде тән алыныўы ҳәм олардың сырт елде билимлендириўди даўам еттириў ямаса мийнет жолын жолға қойыў имканиятларын кеңейтеди.
Соның менен бирге университеттиң халықаралық рейтинглердеги орнын беккемлеў ҳәм жаңа стратегиялық бирге ислесиў байланысларын раўажландырады. Бул жетискенлик университет жәмәәтиниң билимлендириўдиң сапасын халықаралық талапларға сәйкес түрде жетилистириў бағдарындағы избе-из мийнети ҳәм нәтийжели жумысының тән алыныўы болып табылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги