“Ислам цивилизациясы I халықаралық форумы” – тынышлық, кеңпейиллик ҳәм илим-ағартыўшылық жолындағы әҳмийетли сөйлесиў майданы

170

Бүгинги күнде дүньяда тынышлық, социаллық турақлылық, аўызбиршилик ҳәм ағартыўшылыққа тийкарланған раўажланыў идеялары барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Пайтахтымызда өз жумысын баслаған “Ислам цивилизациясы I Халықаралық форумы: тынышлық, кеңпейиллик ҳәм илим-ағартыўшылық жолы” мине усы ийгиликли мақсетлерге хызмет ететуғыны менен әҳмийетли болып есапланады. Форум муқаддес ислам дининиң адамгершилик, ағартыўшылық ҳәм тынышлықты сүйетуғын идеялары әтирапында түрли еллерден илимпазлар, экспертлер ҳәм жәмийетлик ғайраткерлерди бирден-бир пикирлесиў майданында бирлестирди.

Ташкент қаласында басланған ҳәм Самарқанд және Термиз қалаларында даўам ететуғын бул абырайлы әнжуман Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы, Өзбекстан Республикасы Дин ислери бойынша комитети, Имам Матуридий, Имам Бухарий ҳәм Имам Термизий халықаралық илимий-изертлеў орайлары, Өзбекстан мусылманлары мәкемеси, Өзбекстан халықаралық исламтаныў академиясы және Ислам дүньясы билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша шөлкеми – ICESCO бирге ислесиўи шөлкемлестирилди.

Форумның биринши күнинде дүньяның көплеген еллеринен мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, министрлер, муфтийлер, абырайлы уламалар, академиклер, изертлеўшилер, музей ҳәм китапхана басшылары, халықаралық шөлкемлер ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайында жыйналды.

Илаж қатнасыўшыларына Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мүрәжатын Президент кеңесгөйи Хайриддин Султонов оқып еситтирди.

Мүрәжатта атап өтилгениндей, елимиз тарийхында Биринши ҳәм Екинши Ренессанс дәўирлеринде жаратылған бийтәкирар илимий ҳәм мәдений мийрас бүгин де адамзаттың раўажланыўына хызмет етип келмекте. Жаңа Өзбекстан болса дүнья жәмийетшилиги менен биргеликте Үшинши Ренессанс тийкарын жаратыў жолынан избе-из бармақта.

Муҳаммед Хорезмий, Аҳмед Ферғаний, Әбиў Райхан Беруний, Әбиў Әлий ибн Сина, Мырза Улығбек, Әлийшер Наўайы, Заҳириддин Муҳаммед Бабур, Имам Бухарий, Имам Термизий, Имам Матуридий ҳәм Бурханиддин Марғиноний сыяқлы уллы бабаларымыз жаратқан бийбаҳа илимий-руўхый мийрас жәҳән цивилизациясы ғәзийнесиниң ажыралмас бөлеги болып есапланады. Олардың шығармалары бүгинги күнде де елимизде Үшинши Ренессанс идеяларын жүзеге шығарыўда әҳмийетли руўхый тийкар болып хызмет етпекте.

Форумда Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайының директоры Фирдавс Абдухолиқов, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының Диний-ағартыўшылық мәселелери бойынша департаментиниң баслығы Музаффар Комилов, ICESCO Бас директоры Салим ал-Малик, Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң баслығы, муфтий Нуриддин Холиқназар, Кавказ мусылманлары мәкемесиниң баслығы Шайхулислом Оллашукур Пошозода, Ислам әлеми аўқамының Бас хаткери Абдулкарим ал-Иссо (видео мүрәжат арқалы), ТҮРКСАЙ Бас хаткери Султон Раев ҳәм басқа да абырайлы қатнасыўшылар баянат жасады.

Шығып сөйлегенлер өзлериниң сөзлеринде Ислам дининиң жақсы ҳәм өмир бағышлаўшы идеялары адамзат цивилизациясының раўажланыўына үлкен үлес қосқанын, әсиресе, Орайлық Азия, атап айтқанда, Өзбекстан жеринен жетисип шыққан уламалардың илимий мийрасы ислам цивилизациясының раўажланыўында шексиз әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Сондай-ақ, бүгинги күнде бул мийрасты терең үйрениў ҳәм оның ағартыўшылық идеяларын кеңнен үгит-нәсиятлаў Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалардың тийкарғы бағдарларынан бири екени атап өтилди.

– Ислам цивилизациясы тек ғана тарийхый мийрас емес, ал бәрқулла раўажланып баратуғын жанлы процесс болып есапланады. Оның ағартыўшылық ҳәм әдилликке тийкарланған қәдириятлары бүгин де инсанияттың раўажланыўы ушын айрықша әҳмийетке ийе, – деп атап өтти ICESCO Бас директоры Салим ал-Малик.

Форумның тийкарғы мақсети ислам цивилизациясының негизги мәнисин ашып бериў, оның илим, мәденият ҳәм руўхыйлықтың раўажланыўына қосқан үлкен үлесин көрсетиў, сондай-ақ, заманагөй дүньяда тынышлық, кеңпейиллик ҳәм ағартыўшылық идеяларын кеңнен үгит-нәсиятлаўдан ибарат.

Сондай-ақ, бул әнжуман Өзбекстанның бай тарийхый ҳәм илимий мийрасын халықаралық илимий жәмийетшиликке кеңнен танытыў, Ислам цивилизациясы орайын глобаллық илимий-ағартыўшылық платформа сыпатында көрсетиў ҳәм елимизде диний-ағартыўшылық тараўында әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжелерин халықаралық көлемде сәўлелендириўге хызмет етеди.

Форум мәмлекетимиз басшысының басламасы менен быйылғы жылы БМШтың Нью-Йорк ҳәм Женева қалаларындағы резиденциялары және ЮНЕСКОның Париждеги бас резиденциясында өткерилиўи режелестирилген ислам цивилизациясы ҳәм ата-бабаларымыздың мийрасына бағышланған арнаўлы презентациялар ушын да әҳмийетли таярлық басқышы болып есапланады.

Әнжуманның биринши күнинде Ислам цивилизациясы орайының халықаралық илимий-ағартыўшылық платформа сыпатындағы орны, Жаңа Өзбекстандағы диний-ағартыўшылық реформалар, Үшинши Ренессанс идеялары, түркий халықлардың Ислам цивилизациясына қосқан үлеси, ҳәдис, фиқҳ, калом ҳәм теология тараўларындағы илимий мийрас, қолжазбаларды сақлаў ҳәм санластырыў, ислам көркем өнери және билимлендириў ҳәм ағартыўшылықтың цивилизация раўажланыўындағы орны сыяқлы әҳмийетли мәселелер додаланды.

Назокат УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы