Бирге ислесиўдиӊ тийкарғы бағдарлары белгилеп берилди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 7-июль күни АҚШтың “BlackRock” компаниясы директорлар кеңесиниң ағзасы ҳәм үлкен басқарыўшы директоры Адебайо Огунлесиди қабыллады.
Ушырасыўда стратегиялық шерикликти, бәринен бурын, жанылғы-энергетика тараўында және де беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды. Компанияның Өзбекстандағы жойбарлары жедел әмелге асырылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы “BlackRock” компаниясы менен бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларын белгилеп берди. Меншиклестириў тараўында шерикликти кеңейтиў, елимиздиң инвестициялық тартымлылығын арттырыў, қаржы базарын раўажландырыў, нефть-химия тармағындағы жойбарларды алға қойыў ҳәм жасалма интеллект технологияларына биргеликте инвестиция киргизиў солардың қатарына киреди.

“BlackRock” активлер ҳәм қорларды басқарыў және финанслық хызметлер көрсетиўге қәнигелескен ири инвестиция компаниясы болып есапланады. 2026-жылы компания басқарыўындағы активлердиң көлеми 14 триллион долларға жетти.

ӨзА