Өзбекстан Президенти рәсмий сапар менен Беларусь Республикасында болады

92

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенконың мирәт етиўине бола, 8-9-июль күнлери рәсмий сапар менен усы мәмлекетте болады.

Сапар бағдарламасына муўапық, Минск қаласында жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер өткерилиўи нәзерде тутылған.

Өзбекстан – Беларусь көп тәреплемели ,шериклик қатнасықларын және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылады.

Өз-ара товар алмасыўдың көлемин арттырыў, аўыл хожалығы, машина қурылысы, фармацевтика, жеңил санаат, азық-аўқат ҳәм экономиканың басқа да тармақларында кооперацияны раўажландырыў мәселелери дыққат орайында болады.

Мәдений-гуманитарлық алмасыў бағдарламаларын кеңейтиўге айрықша итибар қаратылады.

Саммит жуўмағында тийкарғы бағдарларға байланыслы еки тәреплеме ҳүжжетлердиң салмақлы топламын қабыл етиў режелестирилген.

Сапар етиў алдынан Минск қаласында еки ел аймақларының делегациялары ҳәм исбилермен топарларының қатнасыўында үшинши Аймақлараралық форум да болып өтетуғынын атап өтиў керек.

ӨзА