Мәмлекетлик басқарыўда бирден-бир санлы платформаны енгизиў илажлары көрип шығылды

64

Президент Шавкат Мирзиёев мәмлекетлик басқарыўдың бирден-бир интеграцияласқан санлы платформасын енгизиў, стартаплар экосистемасын раўажландырыў ҳәм телекоммуникация тараўында исбилерменлик орталығын жақсылаў бойынша презентация менен танысты.

Соӊғы жылларда елимизде санлы мәмлекетлик хызметлерди кеңейтиў, мәмлекетлик уйымлардың жумысына заманагөй мәлимлеме системаларын енгизиў, халық ҳәм исбилерменлер ушын қолайлықларды арттырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.

Буның нәтийжесинде Өзбекстан БМШтың “Электрон ҳүкимет” рейтингинде 24 текше жоқарылады. 2030-жылға шекем елимизди бул бағдарда күшли 30 мәмлекет қатарына киргизиў мақсет етилген.

Усы жылы санлы хызметлер саны 880 ге, олардан пайдаланыўшылар саны болса 15,5 миллионға жетиўи күтилмекте. Салыстырыў ушын, 2024-жылы санлы хызметлер саны 525, пайдаланыўшылар саны 4 миллион болған.

Қалаберди, мәмлекетлик басқарыўда мағлыўматлар базалары ҳәм мәлимлеме системалары түрли уйымлар кесиминде тарқалған ҳалда қәлиплескени, оларды таллаў ҳәм қарар қабыл етиў процесслеринде бирден-бир көзқарастың жетиспей атырғаны көрсетип өтилди.

Сонлықтан, мәмлекетлик басқарыўдың бирден-бир интеграцияласқан санлы платформасын басқышпа-басқыш енгизиў усыныс етилди. Бул система арқалы аймақтың экономикасы, инвестиция, экология, қәўипсизлик мәселелери, халықты қыйнап атырған машқалалар, мәҳәллелердиң абаданлық дәрежеси, космослық мағлыўматлар, объектлер ҳәм карта қатламлары бирден-бир платформада сәўлелендириледи.

Платформа жасалма интеллект технологиялары тийкарында мағлыўматларды таллаў, аймақлар кесиминде машқалаларды ерте анықлаў, қарарлардың орынланыўын мониторинг етиў, ресурсларды дурыс бағдарлаў ҳәм басқарыў нәтийжелилигин арттырыў имканиятын береди.

Мәмлекетимиз басшысы усы жылы бул санлы басқарыў системасын пайтахтта, келеси жылдан болса барлық аймақларда енгизиў зәрүр екенлигин атап өтти.

Презентацияда товарлар ҳәм хызметлерди бирден-бир миллий классификациялаў системасын иске қосыў мәселеси де көрип шығылды. Ҳәзирги ўақытта бажыхана, салық, статистика ҳәм басқа да уйымлар түрли товар классификаторларынан пайдаланбақта. Бул болса бизнес қәрежетлериниң артыўы, есабатлардың анықлығының төменлеўи ҳәм уйымлараралық мағлыўмат алмасыўда қыйыншылықларға себеп болмақта.

Бирден-бир миллий классификациялаў системасы енгизилсе, исбилерменлер ушын артықша бюрократиялық процесслер қысқарады, мәмлекетлик уйымлар арасында мағлыўмат алмасыўы әпиўайыласады, статистикалық есабатлардың анықлығы артады.

Сондай-ақ, миллий навигация системасын жаратыў усынысы билдирилди. Бүгинги күнде елимизде бул бағдарда тийкарынан сырт ел платформаларынан пайдаланылып атырғаны атап өтилди. Миллий навигация системасы геомағлыўматларды бирден-бир стандарт тийкарында қәлиплестириў, транспорт, логистика, оператив хызметлер, қала қурылысы ҳәм мәмлекетлик хызметлерди сапалы шөлкемлестириўге хызмет етеди.

Презентацияда МТ тараўының экспорты ҳәм стартаплар экосистемасын раўажландырыў режелери де көрип шығылды. 2030-жылға шекем МТ экспортын 5 миллиард долларға жеткериў, 5 мың жедел стартап шөлкемлестириў ҳәм 2 миллиард доллар инвестиция тартыў мақсет етилген.

Халықаралық “StartupBlink” рейтингинде Өзбекстан 31 текше жоқарылап, дүнядағы ең тез өсип атырған стартап екосистема сыпатында баҳаланғаны, Ташкент қаласы Орайлық Азия қалалары арасында 1-орынды иелегени, Самарқанд ҳәм Ферғана биринши мәрте дүняның ТОП-1000 стартап қалалары рейтингине киргени атап өтилди.

Бул бағдарда “Talent Hub” бағдарламасының иске қосылыўы белгиленген. Ол арқалы сырт елли қәнигелер ҳәм инвесторларға аралықтан кәрхана, банк есап бети ҳәм халықаралық карта ашыў имканияты жаратылады. IT-Park резидентлериниң хызметкерлери ушын салық жеңилликлерин 2040-жылға шекем созыў, “IT visa” ҳәм “Zero Risk” бағдарламаларын кеңейтиў усыныс етилди.

Сондай-ақ, МТ экспорт етиўши кәрханаларға айлық мийнет ҳақы қәрежетлериниң бир бөлегин қаплап бериў, халықаралық сертификатлаў қәрежетлерин компенсациялаў, сырт елли буйыртпашылар ҳәм қәнигелерди тартыў ушын релокция қәрежетлериниң бир бөлегин қаплап бериў сыяқлы қоллап-қуўатлаў механизмлери нәзерде тутылмақта.

Бухара ҳәм Ферғанада 20 дан аслам акселерация бағдарламаларын шөлкемлестириў, стартапларды ири халықаралық базарларға алып шығыў бойынша да усыныслар усыныс етилди.

Мәжилисте телекоммуникация инфраструктурасын раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Соңғы жыллары елатлы пунктлерди телекоммуникация хызметлери менен қамтып алыў дәрежеси 41 проценттен 98 процентке жетти, улыўма интернет өткериў қәбилети 65 есеге артты.

Соның менен бирге, жергиликли исбилерменлер ушын телекоммуникация хызметлерин көрсетиў еле жетерли дәрежеде тартымлы емес екенлиги, алыс аймақларда сымлы интернеттен пайдаланыўшылардың үлеси жүдә төмен екенлиги көрсетип өтилди.

Тараўда бизнес орталығын жақсылаў мақсетинде телекоммуникация тармақларын жойбарлаў ҳәм қурыў бойынша ҳәзирги 2 лицензия түрин биреўге бирлестириў, лицензия бериў мүддетин 25 жумыс күнинен 10 жумыс күнине қысқартыў усыныс етилди.

Көп қабатлы турақ жайларды жоқары тезликтеги интернетке жалғаныў технологиясы тийкарында жойбарлаў ҳәм қурыў талабы енгизиледи. Бул жаңа турақ жайларда оптикалық талшықлы интернет инфраструктурасын алдыннан есапқа алыў, халыққа сапалы санлы хызметлер көрсетиў имканиятын береди.

Тараўда өз жумысын басламақшы болған жаслар ушын “Келешек исбилермен” бағдарламасы шеңберинде 2 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 7 жыл мүддетке 15 процент ставкада 530 миллион сумға шекем кредитлер ажыратыў усыныс етилди. Алыс ҳәм шетки аймақларда жумыс алып баратуғын исбилерменлер ушын жеңиллетилген тариф режелери ислеп шығылады.

Президентимиз усынысларды мақуллап, мәмлекетлик уйымлардың мағлыўматларын интеграциялаў, санлы хызметлердиң сапасын арттырыў, киберқәўипсизлик ҳәм жеке мағлыўматлардың қорғалыўын тәмийинлеў, тараўда жеке меншик сектор ушын және де қолайлы орталық жаратыў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берди.

ӨзА