Институтта кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар басланды

180

Бүгин, 7-июльден баслап Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 2026-2027-оқыў жылы ушын қабыллаў процесинде бакалавриаттың айрықша қәбилет талап етилетуғын тәлим бағдарларында кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар басланды.

Дене мәденияты, музыкалық тәлим, сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы тәлим бағдарлары бойынша өткерилип атырған имтиханлардың белгиленген талаплар тийкарында әдил ҳәм ашық-айдын өтиўи Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлары, жәмийетлик шөлкемлер,  сиясий партиялар, ғалаба хабар қураллары, соның менен бирге, тийисли министрлик ҳәм шөлкемлерден бириктирилген ўәкиллер тәрепинен қадағаланбақта.

Имтиханлардың барысы интернет тармағы арқалы ата-аналар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллерине тиккелей алып көрсетилмекте.

Абитуриентлердиң билим ҳәм көнликпелерин баҳалаў ушын Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлиги, Мәденият министрлиги, Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими, сондай-ақ, басқа шөлкемлерден тәжирийбели қәнигелер бириктирилген болып, олар тәрепинен ҳәр бир абитуриенттиң таярлығы әдил түрде баҳаланып, топлаған баллары сол ўақыттың өзинде мәлим етилмекте.

Мағлыўмат орнында, быйылғы жылы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында бакалавриаттың дене мәденияты, музыкалық тәлим, сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы тәлим бағдарлары бойынша 500 ден аслам абитуриентлер кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханларын тапсырыўы күтилмекте.

Институтта кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар усы жылдың 8-июль күнине шекем даўам етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги