Иордания менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў әҳмийетли екени атап өтилди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 6-июль күни Иордания Ҳошимийлер Патшалығы Бас министриниң орынбасары, сыртқы ислер ҳәм эмигрантлар мәселелери бойынша министри Айман Хусейн Сафадий басшылығындағы делегацияны қабыллады.
Сөйлесиў алдында жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Иордания Патшасы Абдулла II ибн ал-Хусейнниң қызғын сәлемин ҳәм тилеклерин жеткерди.

Ушырасыўда Өзбекстан менен Иордания арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.
Өткен жылы Самарқандта болып өткен жоқары дәрежедеги нәтийжели сөйлесиўлер еки тәреплеме қатнасықлар тарийхында жаңа бет ашқаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Ерисилген келисимлер шеңберинде усы жылы парламентлераралық дослық топарлары дүзилди, Ҳүкиметлераралық қоспа комиссияның биринши мәжилиси өткерилип, Исбилерменлер кеңеси шөлкемлестирилди, сондай-ақ, ҳаўа қатнаўлары жолға қойылды.

Келешекте сиясий сөйлесиўлерди жеделлестириў, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда қоспа жойбарлар менен бағдарламаларды алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.
Сондай-ақ, әҳмийетли халықаралық ҳәм регионаллық мәселелер бойынша пикир алысылды.
ӨзА