Нефть-газ тармағыныныӊ гүзги-қысқы мәўсимге таярлығы бойынша мәлимлеме берилди

Президент Шавкат Мирзиёев нефть-газ тармағында гезектеги гүзги-қысқы мәўсимге таярлық жумысларының барысы бойынша мәлимлеме менен танысты.
2026-2027-жыллар гүзги-қысқы мәўсимде халық, социаллық тараў объектлери ҳәм экономика тармақларын энергия ресурслары менен турақлы тәмийинлеў мақсетинде ислеп шығылған комплексли илажлар көрип шығылды. Тәбийий ҳәм суйылтылған газ жеткерип бериў, магистраль ҳәм аймақлық газ тармақларын оңлаў, жанылғы резервлерин қәлиплестириў ҳәм авариялық-тиклеў бригадаларының таярлығын тәмийинлеў бойынша анық ўазыйпалар қойылды.
Тәбийий газ тәмийнаты системасын мәўсимге таярлаў жумысларына айрықша итибар қаратылды. Соның ишинде, мәўсимге шекем магистраль газ қубырларының 53,7 километр насаз бөлегин алмастырыў, компрессор станцияларындағы 77 газ айдаў агрегатын толық оңлаў режелестирилген.

Сондай-ақ, 881 мәҳәлледеги 220 мың шаңарақтың газ тәмийнатын жақсылаў ҳәм технологиялық жоғалтыўларды қысқартыў мақсетинде үш басқышлы бөлистириў системасынан еки басқышлы системаға өткериў нәзерде тутылған. 711,9 километр газ тармағы ҳәм 400 газ бөлистириў пункти толық оңланады ҳәм реконструкцияланады.
Халық ҳәм социаллық тараў объектлерин суйылтылған газ бенен тәмийинлеў мәселеси де көрип шығылды. Гүзги-қысқы мәўсимде 325,7 мың тонна суйылтырылған газ жеткерип бериў, соның ишинде, барыў қыйын болған 229 аўылдағы 104,7 мың тутыныўшыға 8,2 мың тонна суйылтылған газ жеткерип бериў белгиленген.
Қысқы дәўир ушын жанылғы резервлерин қәлиплестириў бойынша да илажлар көрилмекте. Соның ишинде, декабрь-январь айлары ушын 120 мың тонна автобензин резервин жаратыў режелестирилген. Ыссылық электр станцияларына мәўсим даўамында 4 миллион 161 мың тонна көмир жеткерип бериў прогноз етилмекте.

“Өзбекнефтьгаз” системасындағы кәрханаларда технологиялық турақлылықты тәмийинлеў мақсетинде 90 технологиялық қурылмада оңлаў жумыслары әмелге асырылады. Бул өндирислик қуўатлықлардың үзликсиз ислеўи, халық ҳәм экономика тармақларына энергия ресурсларын турақлы жеткерип бериўге хызмет етеди.
Таярлық жумыслары тек ғана нефть-газ системасы менен шекленип қалмастан, улыўма энергетика ҳәм коммуналлық тараўлар менен тығыз байланыслы ҳалда алып барыў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди. Усы мақсетте республикалық ҳәм аймақлық комиссиялардың жумысын жолға қойып, мәўсимге таярлық жумысларын муўапықластырыў ҳәм турақлы қадағалап барыў тапсырылды.
Жуўапкерлерге белгиленген илажлардың орынланыўын қатаң қадағалаў, мәўсимге таярлық жумысларын өз мүддетинде ҳәм сапалы жуўмақлаў, халық ҳәм социаллық тараў объектлерине тәбийий ҳәм суйылтылған газ, сондай-ақ, басқа да жанылғы ресурсларын турақлы жеткерип бериў бойынша тийисли тапсырмалар берилди.
ӨзА