Постлардағы жаратылып атырған шараятлар үйренилди

Бажыхана комитети баслығының орынбасары О.Ибрагимов «Даўыт-ата» шегара бажыхана постында әмелге асырылып атырған реконструкциялаў жумыслары ҳәм бажыхана хызметкерлериниң жумыслары менен танысты.

Үйрениў процесинде постта қурылыс-монтажлаў жумысларын жеделлестириў ҳәм сапалы орынлаў бойынша тийисли көрсетпелер берилди.
Режеге бола қурылыс-монтажлаў жумыслары усы жылдың өзинде жуўмақланыўы белгиленген. Қурылыс жумыслары даўам етип атырғанына қарамастан, постта сыртқы саўда жүклери ҳәрекети тоқтаған жоқ. Усы жердиң өзинде товарларды рәсмийлестириў ушын барлық шараятлар жаратылған.
Мағлыўматларға қарағанда, 2026-жылдың өткен 6 айы даўамында «Даўыт-ата» шегара бажыхана постында, жәми 3902 партиядағы баҳасы 80,1 миллион АҚШ долларына тең товарлар рәсмийлестирилип, 134,7 миллиард сум муғдарында бажыхана төлемлери өндирилген. Пост арқалы 6 ай даўамында жәми 76404 жүк автотранспорт қураллары ҳәрекетленген.

Соның менен бирге, «Даўыт-ата» кеңсесин толық (капитал) оңлаў жумысларын баслаў бойынша үйрениўлер алып барылды. Бүгинги күнде тийисли шөлкемлердиң жуўмақлары алынып, объекттеги жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемди анықлаў ушын tender.mc.uz арнаўлы мәлимлеме порталынан тендер саўдаларына жайластырылған.
Бул илажлар бажыхана инфраструктурасын буннан былай да жетилистириў, хызметлердиң сапасын арттырыў және сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшылары ушын қолайлы орталық жаратыўға хызмет етеди.
Бажыхана комитети баслығының орынбасары О.Ибрагимов Қарақалпақстан Республикасында хызмет сапары шеңберинде социаллық әҳмийетке ийе қурылыс жойбарлары ҳәм бажыхана системасының жумысларын да үйренди.

Дәслеп, Президент Администрациясының тапсырмасына муўапық, Шоманай районының Мәденият МПЖ аймағында жайласқан 4-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң имаратын қайта қурыў жумыслары көзден өткерилди. Қурылыс майданында жуўапкер шөлкемлердиң ўәкиллери менен өткерилген ушырасыўда жойбарды сапалы ҳәм белгиленген мүддетлерде әмелге асырыў мәселелери додаланып, қурылыс жумысларын орынлаўшы шөлкем белгиленди ҳәм жуўапкерлерге анық ўазыйпалар жүкленди.

Сондай-ақ, хызмет сапары даўамында «Нөкис» СЭЖ бажыхана постының жумысы да ҳәр тәреплеме үйренилди. Ҳәзирги ўақытта пост қадағалаўында 35 кәрханаға тийисли 414 партиядағы, улыўма баҳасы 43,6 миллион АҚШ долларын қурайтуғын товарлар сақланбақта.
Усы жылдың өткен дәўиринде бажыхана посты тәрепинен 1 573 бажыхана тексериўи әмелге асырылған. Нәтийжеде, 48 жағдайда бажыхана нызамшылығы бузылғаны анықланып, улыўма баҳасы 7 миллиард 115 миллион сумлық ҳуқықбузарлық жағдайларына шек қойылған.

Хызмет сапары шеңберинде «Бажыхана-сервис» мәмлекетлик мәкемесиниң Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң жумысы да үйренилди.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.