Пакистаннан Қарақалпақстанға 200 бас нәсилли қарамал алып келиў бойынша шәртнамаға қол қойылды

26

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фарҳод Эрманов ҳәм Өзбекстан елшиси Алишер Тўхтаев басшылығындағы делегация Пакистанға хызмет сапары шеңберинде “Abdin International Pvt. Ltd.” компаниясының бас директоры Наваз Ҳассан менен ушырасыў өткерди. Бул ҳаққында “Дунё” мәлимлеме агентлиги хабар етеди.

«Лаҳор қаласында болып өткен сөйлесиўлерде Қарақалпақстанда шарўашылықты раўажландырыў, тараўға заманагөй технологияларды енгизиў ҳәм инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў мәселелери бойынша пикир алысылды.

Атап айтқанда, компанияға нәсилли қарамалларды көбейтиў ҳәм от-жем жетистириў жойбарларын әмелге асырыў мақсетинде жер майданларын ажыратыў усынысы билдирилди. Тәреплер бул бағдарларда биргеликтеги басламаларды әмелге асырыў ҳәр еки тәреп ушын да пайдалы екенин атап өтти.

Ушырасыў ўақтында пилот жойбар шеңберинде “Nukus Delisha”  компаниясы менен шериклик тийкарында қоспа кәрхана шөлкемлестириў бойынша келисимге ерисилди. Пакистаннан 200 бас нәсилли ири қарамалды Өзбекстанға алып келиў ҳәм шарўашылық тармағын раўажландырыўға қаратылған инвестициялық шәртнамаға қол қойылды.

Бул келисимлер Қарақалпақстанда шарўашылық тараўының бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, нәсилшилик жумысларын жетилистириў ҳәм жергиликли өндирис көлемин кеңейтиўге хызмет ететуғыны менен әҳмийетли», делинеди хабарда.

Еслетеип өтемиз, 2001-жылы шөлкемлестирилген “Abdin International Pvt. Ltd.” бүгинги күнде Пакистанның жетекши гөш ҳәм гөш өнимлерин ислеп шығарыўшы компанияларынан бири болып, компания өнимлери дүньяның оннан аслам мәмлекетлерине экспорт етиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги