Картошка өнимин жыйнаў жумыслары даўам етпекте

32

Инсан ушын екинши нан есапланған картошка халқымыздың күнделикли турмысында кеңнен қолланылады. Өнимге болған талапты қанаатландырыў, базарды халықтың талғамына сай арзан ҳәм сапалы өним менен тәмийинлеў мақсетинде Нөкис районының “Дарсан” мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жумыс алып барып атырған “Раматулла” фермер хожалығыны да өз үлесин қосып келмекте.

Фермер хожалығы  34 гектар жер майданға быйылғы 2026-жыл өними ушын 22 гектар майданға ғәлле егилип, ҳәр гектардан орташа 50-60 центнерден зүрәәт алынды. Бул нәтийже хожалықтың жоқары өнимдарлы фермер хожалықлары қатарынан орын алыўына хызмет етти.

Ҳәзирги ўақытта хожалықта 1 гектар майданға егилген картошка өнимин жыйнап-терип алыў жумыслары басланған.

– Жақында бийдайды сепситпей жыйнап алып, жобаны артығы менен орынлаған болсақ, ҳәзирги ўақытта картошка өнимин жайнап алыў жумысларын алып барып атырмыз. Картошкадан ҳәр гектардан 200-250 центнер өним алыўды  режелестиргенбиз. Бул арқалы базарды арзан ҳәм экологиялық таза өним менен тәмийинлеўди мақсет еткенбиз, – дейди фермер хожалығының баслығы Оралбай Раматуллаев.

Сондай-ақ, фермер хожалығы исшилери тәрепинен  ғәлледен босаған 10 гектар жерге қайта егин сыпатында мәш егилген. Буннан тысқары, хожалықта палыз егинлерин жетистириў ҳәм оларды агротехникалық талаплар тийкарында тәрбиялаў жумыслары да избе-из алып барылмақта.

                                                                            Қарақалпақстан хабар агентлиги