Нөкис районы педагоглары Қытайда тәжирийбе арттырмақта

138

Нөкис районы ҳәкимлиги ҳәм Қытай Халық Республикасы Синьцзян-Уйғыр автоном ўәлаятының Ақсу районы арасында саўда-экономикалық, билимлендириў, аўыл хожалығы, денсаўлықты сақлаў, энергетика, мәденият ҳәм спорт тараўларында өз-ара бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған дослық келисимине қол қойылған еди.

Бул келисим шеңберинде еки аймақ арасындағы бирге ислесиўди әмелий жақтан және де кеңейтиў, әсиресе, билимлендириў тараўында алдынғы тәжирийбелерди үйрениў ҳәм өз-ара алмасыў мақсетинде гезектеги әҳмийетли баслама әмелге асырылды.

Атап айтқанда, Нөкис районы аймағындағы билимлендириў мәкемелеринде жумыс алып барып атырған 4 педагог хызметкер Қытай Халық Республикасының Синьцзян-Уйғур автоном ўәлаятының Ақсу районындағы билимлендириў мәкемелерине грант тийкарында хызмет сапарына жиберилди.

Бағдарлама даўамында педагоглар заманагөй билимлендириў процесслери менен жақыннан танысыў, оқыў сабақларында қолланылып атырған инновациялық педагогикалық технологиялар, нәтийжели сабақ өтиў методикалары, билимлендириў мәкемелерин басқарыў системасы ҳәм оқыўшылардың билимин баҳалаўдың заманагөй усылларын үйрениў имканиятына ийе болады.

Сондай-ақ, хызмет сапары даўамында еки тәреп билимлендириў мәкемелери арасында өз-ара бирге ислесиў байланысларын беккемлеў, тәжирийбе алмасыў ҳәм келешекте қоспа жойбарларды әмелге асырыў бойынша пикир алысыў режелестирилген.

Бул тәжирийбе алмасыўдың тийкарғы мақсети Қытай билимлендириў системасында кеңнен қолланылып атырған алдынғы педагогикалық технологиялар, инновациялық көзқараслар ҳәм нәтийжели оқытыў методикаларын үйрениў ҳәм оларды Нөкис районы билимлендириў мәкемелериниң жумысына басқышпа-басқыш енгизиў арқалы билимлендириўдиң сапасын ҳәм нәтийжелилигин және де арттырыўдан ибарат.

                                                                    Қарақалпақстан хабар агентлиги