Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Америка Қурама Штатлары Президенти Дональд Трампқа АҚШтың миллий байрамы – Ғәрезсизлик күни ҳәм мәмлекет ғәрезсизлигиниң 250 жыллығы мүнәсибети менен қутлықлаў жоллады.

“Сизге ҳәм дос Америка халқына көп миллетли Өзбекстан халқы атынан қызғын қутлықлаўлар ҳәм ең жақсы тилеклерди жоллаўдан оғада қуўанышлыман.
Сизиң исенимли ҳәм күш-ғайратлы басшылығыңыз астында АҚШ экономикалық қүдиретин ҳәм тәсирин және де арттырып, глобаллық раўажланыў ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеўде әҳмийетли орын ийелемекте, барлық мәмлекетлер менен әмелий бирге ислесиў байланыслары жедел раўажланбақта”, – делинеди хатта.
Президентимиз бундай унамлы процесслер Өзбекстан ҳәм АҚШ арасындағы байланысларды ҳәр тәреплеме кеңейтиў ушын беккем тийкар жаратып, өз-ара ҳүрмет, исеним ҳәм улыўма мәплерге тийкарланған қатнасықлар жаңа мазмун менен байып атырғанын атап өтти.
Хатта өз-ара саўда көлемин арттырыў, биргеликтеги инвестициялық жойбарларды биргеликте әмелге асырыў, әҳмийетли минерал ресурслар ҳәм инновациялық кооперация тараўларындағы бирге ислесиўди тереңлестириў еки тәреплеме қатнасықлардың тийкарғы бағдарлары есапланатуғыны атап өтилди.
Сондай-ақ, қәўипсизлик тараўындағы сөйлесиў ҳәм әмелий шерикликти буннан былай да беккемлеўден мәпдарлық билдирилди. Нызамсыз миграция, терроризм, экстремизм, трансмиллий жынаятшылық, наркотик қураллардың нызамсыз айланысы ҳәм басқа да заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде биргеликтеги ҳәрекетлерди кеңейтиў айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы регионаллық ҳәм глобаллық форматлар, бәринен бурын, “С5+1” платформасы, БМШ ҳәм басқа да халықаралық институтлар шеңбериндеги бирге ислесиў Президент Дональд Трамптың белсене қоллап-қуўатлаўы менен сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилетуғынына исеним билдирди.
Усы жерде Президентимиз быйыл декабрь айында Маями қаласында болып өтетуғын “Үлкен жигирмалық” саммити шеңбериндеги ушырасыўды үлкен қызығыўшылық пенен күтетуғынын атап өтти.
–0–