Өзбекстан ҳәм Грузия: мәдений дипломатия жаңа басқышқа көтерилмекте

40

Мәденият халықларды бирлестиретуғын, мәмлекетлер арасындағы исеним ҳәм дослықты беккемлейтуғын ең тәсиршең қураллардан бири болып есапланады.

Соңғы жыллары Өзбекстанның халықаралық мәдений бирге ислесиўге айрықша итибар қаратып атырғаны мәмлекеттиң сыртқы мәдений сиясатында әҳмийетли орын ийелемекте. Бул бағдарда Грузия менен раўажланып атырған қатнасықлар айрықша әҳмийетке ийе.

Өзбекстан Республикасының мәденият министри Озодбек Назарбековтың Грузияға рәсмий сапары шеңберинде Грузия Мәденият министрлиги басшылығы менен болып өткен ушырасыў еки ел арасындағы мәдений байланысларды буннан былай да кеңейтиўге хызмет ететуғын әҳмийетли сөйлесиўлерден бири болды.

Ушырасыўда кинематография тараўында бирге ислесиўди күшейтиў, қоспа көркем ҳәм ҳүжжетли фильмлер жаратыў, театр жәмәәтлериниң өз-ара гастроль сапарларын шөлкемлестириў ҳәм қоспа спектакльлерди сахналастырыў сыяқлы мәселелер додаланды. Бул басламалар тек ғана мәдений алмасыўды кеңейтеди емес, ал еки халықтың тарийхы, миллий қәдириятлары ҳәм үрп-әдетлерин кең жәмийетшиликке таныстырыўға да хызмет етеди.

Сөйлесиўлерде өзбек миллий мақам көркем өнери ҳәм грузин миллий музыкасы қатнасыўында қоспа концерт бағдарламаларын шөлкемлестириў, сондай-ақ, санлы мәденият бағдарында бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша усыныслар билдирилди. Бүгинги санлы дәўирде мәдений мийрасты заманагөй технологиялар арқалы үгит-нәсиятлаў, оны жас әўладқа жеткериў әҳмийетли ўазыйпалардан бирине айланбақта.

Соңғы жылларда әмелге асырылған бир қатар мәдений илажлар еки мәмлекет арасындағы қатнасықларды жаңа басқышқа алып шықты. Атап айтқанда, Тбилиси қаласында өткерилген “Өзбекстан мәденияты ҳәм киносы күнлери” ҳәм Ташкент қаласында жоқары дәрежеде шөлкемлестирилген “Грузия мәденияты күнлери” мәдений дипломатияның нәтийжели үлгиси сыпатында тән алынды.

Усындай илажлар арқалы халықлар бир-бириниң көркем өнери, әдебияты, музыкасы ҳәм миллий дәстүрлери менен жақыннан танысыў имканиятына ийе болмақта.

Тәреплердиң 2026-2030-жылларға мөлшерленген мәдений бирге ислесиў бағдарламасына қол қойыўға таяр екенлиги болса өз-ара қатнасықлардың узақ мүддетли ҳәм турақлы раўажланыўынан дерек береди. Бул бағдарлама келеси жылларда жаңа дөретиўшилик жойбарлар, фестивальлар, көргизбелер ҳәм мәдений алмасыўларды буннан былай да кеңейтиў ушын беккем тийкар болып хызмет етиўи күтилмекте.

Рәсмий сапар шеңберинде министр Озодбек Назарбековтың Грузияның белгили “Эрисиони” мәмлекетлик академиялық халық қосық ҳәм аяқ ойын ансамблиниң жумысы менен танысқаны да еки мәмлекет арасындағы мәдений бирге ислесиўдиң әмелий әҳмийетин және де арттырды. 1885-жылы шөлкемлестирилген бул ансамбль миллий қосықшылық, бийтәкирар хореография ҳәм бай миллий липаслары менен дүнья жүзинде жоқары итибарға ерискен.

Өзбекстан ҳәм Грузияны әзелден бай тарийх, әемги цивилизация, миллий қәдириятларға ҳүрмет және мәдений мийрасты қәстерлеп сақлаўға болған умтылыс бирлестирип турады. Сонлықтан, мәденият тараўындағы бирге ислесиў тек ғана еки мәмлекет арасындағы қатнасықларды беккемлеп қоймастан, ал халық дипломатиясын раўажландырыў, туризмди кеңейтиў ҳәм дөретиўшилер ушын жаңа имканиятлар жаратыўға да хызмет етеди.

Муҳайё Тошқораева, ӨзА