Бәлент пәрўаз, Сизге питкериўшилер!

Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында 2025-2026-оқыў жылы питкериўшилерине арналған «Бәлент пәрўаз, Сизге питкериўшилер!» атамасындағы диплом тапсырыў мәресими болып өтти.
Илажға питкериўшилер, олардың ата-аналары, профессор-оқытыўшылар, педагог хызметкерлер, сондай-ақ, кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов, Өзбекстан Ветеранларының социаллық жумысларын қоллап-қуўатлаў “Нураный” қоры Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Т.Абдижаббаров, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты ректорының Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша проректоры Ш.Эргашев ҳәм филиал директоры К.Юсуповлар барлық питкериўши жасларды қызғын қутлықлап, алдағы жумысларына бәлент пәрўазлар тиледи ҳәм питкериўшилерге салтанатлы түрде дипломлар тапсырылды. Сондай-ақ, белсенди питкериўшилердиң ата-аналары ҳәм устазлары Ҳүрмет жарлықлары ҳәм миннетдаршылық хатлары менен сыйлықланды.

Илажда атап өтилгениндей, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы 2025-2026-оқыў жылында күндизги, сыртқы ҳәм магистратура қәнигеликлери бойынша жәми 362 жасларымыз табыслы питкерип шықты.
– Перзентиниң жоқары мағлыўматлы болып, жәмийетте өз орнына ийе болыўы ҳәр бир ата-ананың ең үлкен арзыўларының бири болып табылады, – дейди питкериўшилердиң ата-аналарының бири О.Балтабаев. – Мине бүгин питкериўши жасларымыз жыллар даўамында алған билимлери нәтийжесинде мәмлекетлик аттестация сынақлары ҳәм питкериў қәнигелик дипломларын табыслы қорғап, қәнигелик дипломларын алыўға миясар болмақта. Бул ата-ананы, қалаберсе билим берген устазларын үлкен қуўанышқа бөлейди.

Өткерилген салтанатлы илаж студент-жаслар тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Б.Темирбаев ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри А.Аяповлар да қатнасты.



Қарақалпақстан хабар агентлиги