Реформалар нәтийжеси мәҳәллелердиң келбетинде ҳәм халқымыз турмысында айқын көринбекте

91

Президент Шавкат Мирзиёев 4-июль күни Ташкент қаласының Сергели районына барып, алып барылып атырған дөретиўшилик жумыслары ҳәм әмелге асырылған жойбарлар менен танысты. Сондай-ақ, Ташкент қаласы, атап айтқанда, Сергели районын социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм мәҳәллелерде қәўипсиз орталық жаратыў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилисин өткерди.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп районның Иттифоқ мәҳәллесиндеги Янги Сергели көшесинде әмелге асырылған жумыслар және саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлериниң жумысы менен танысты.

Туризм ҳәм хызмет көрсетиў тараўы аз қәрежет пенен көп жумыс орнын жаратыў, халықтың дәраматын арттырыў ҳәм аймақлардың көринисин жақсылаўда үлкен әҳмийетке ийе. Ташкент қаласында бул бағдарда үлкен имканиятлар бар.

Жаңа Сергели көшесинде шөлкемлестирилген 24/7 режиминде ислейтуғын туризм, саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлери халыққа қолайлы шараят жаратыў, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм жаңа жумыс орынларын ашыўға хызмет етпекте.

Жойбардың улыўма баҳасы 18,7 миллиард сумды қурайды. Көшениң 2,1 километр бөлегиниң инфраструктурасы толық жақсыланып, саўда, улыўма аўқатланыў ҳәм кеўилашар хызметлерди өз ишине алған күни-түни жумыс алып баратуғын аймаққа айландырылды.

Халықтың дем алыўы ҳәм саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў мақсетинде 10 нан аслам балалар майданшалары, 8 воркаут зонасы, китап дүкәны ҳәм нураныйлар орайы шөлкемлестирилди.

Аймақ әтирапындағы 4 мәҳәлледе 21 мыңнан аслам халық жасайды. Жаңа Сергели көшесинен күнине орташа 15-20 мың автотранспорт қуралы ҳәрекетленеди. Жойбар толық иске қосылғаннан соң, жылына 1,2 миллионнан аслам келиўшилерге хызмет көрсетиў имканияты жаратылады.

Жойбар шеңберинде 250 ден аслам жаңа жумыс орны ашылды. 95 исбилерменлик субъектиниң жумысы кеңейтилип, 22 жаңа исбилерменлик субъекти шөлкемлестирилди.

Мәмлекетимиз басшысы мәҳәлле бойлап жүрип, миллий архитектуралық усылда оңланған турақ жайлар, абаданластырылған көшелер ҳәм халық ушын жаратылған қолайлықлар менен танысты. Мәҳәлле белсендилери ҳәм пуқаралар менен қызғын сөйлести.

Президентимиз әмелге асырылып атырған жумыслар халықтың турмыс дәрежеси ҳәм абаданлығына қандай тәсир көрсетип атырғаны менен қызықты. Мәҳәлле белсендилери бул өзгерислер халықтың кейпияты, турмыс тәризи ҳәм дәраматына унамлы тәсир көрсетип атырғанын, аймақтың келбети де, адамлардың ертеңги күнге исеними де өзгерип атырғанын атап өтти.

Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёев Сергели районында жайласқан “Global International Hospital” жеке меншик көп тармақлы медицина орайына барды.

Елимизде халықтың саламатлығын қорғаў, медициналық хызметлердиң сапасын ҳәм қамтып алыўын арттырыў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан. Усы мақсетте тараўға инвестициялар тартылып, медицинада жеке меншик сектор жумысы да қоллап-қуўатланбақта.

Бул заманагөй медицина орайы бүгинги күнде халыққа талап жоқары болған көплеген бағдарлар бойынша медициналық хызмет көрсетиў имканиятына ийе.

Орайды қурыў ушын 30 миллион доллар инвестиция қаратылған. Бул жерде жылына 150 мыңнан аслам халыққа медициналық хызмет көрсетиў имканияты жаратылады. Улыўма майданы 0,5 гектар болған мәкемеде жыллық хызметлер көлемин 15 миллиард сумға жеткериў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысына орайдың жумысы ҳаққында презентация өткерилди. Президентимиз хирургия, реанимация ҳәм емлеў бөлимлери, ситуациялық орайда жаратылған шараятларды көзден өткерди.

Жойбар шеңберинде 250 жаңа жумыс орны жаратылған. Жәмәәтте сырт елде тәжирийбе арттырған 10 нан аслам жоқары маманлықтағы қәниге ҳәм сырт елли шыпакерлер де бар.

Орай Уллы Британия, Италия ҳәм Германиядан алып келинген заманагөй медициналық үскенелер менен тәмийинленген. Атап айтқанда, мәкемеге “PHILIPS” компаниясының алдынғы медициналық технологиялары орнатылған.

Мәмлекетимиз басшысы орайды айырым бағдарлар бойынша таяныш медицина мәкемесине айландырыў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Бул жерде топланатуғын алдынғы тәжирийбе тийкарында шыпакерлердиң маманлығын арттырыў ҳәм заманагөй медициналық хызметлердиң қамтып алыўын кеңейтиў бойынша жуўапкерлерге көрсетпелер берилди.

Президентимиз орай хызметкерлери менен сөйлести. Тараўда мийнет етип атырған қәнигелерди қоллап-қуўатлаў, жеке меншик медицина шөлкемлериниң санын көбейтиў және халыққа сапалы, заманагөй ҳәм нәтийжели медициналық хызмет көрсетиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

– Ҳәр бир наўқасқа сапалы ҳәм мүнәсип хызмет көрсетиў менен бирге, медициналық ҳәм туризм хызметлерин үйлестириў зәрүр. Бул бағдарды кеңнен үгит-нәсиятлаў, сырт ел тәжирийбесин үйренип, емлеўханалар жанында мийманхана инфраструктурасын раўажландырыў керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Президентимиз Сергели районындағы Өзгарис мәҳәллесинде әмелге асырылған дөретиўшилик жумыслары және жер үсти метро жөнелиси астында шөлкемлестирилген саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлериниң жумысы менен де танысты.

Инсан қәдирин улығлаў ҳәм халықтың абаданлығын тәмийинлеўге қаратылған избе-из реформалар бүгин мәҳәллелердиң келбетинде, адамлардың күнделикли турмысында айқын көзге тасланбақта.

Өзгерис мәҳәллеси бул бағдардағы жаңаланыўлардың айқын үлгиси болып есапланады. Бул аймақта 45 көп қабатлы жай, 1 мың 620 квартира бар. Оларда 6 мың 700 ден аслам халық жасайды.

Мәҳәлледе жыллар даўамында топланып қалған машқалалар басқышпа-басқыш шешилип, заманагөй инфраструктура ҳәм қолайлы социаллық орталық жаратылды. Атап айтқанда, 10 балалар майданшалары, мини-футбол майданы, 2 саламатлық зонасы қурылды.

Мәмлекетимиз басшысы мәҳәлледе шөлкемлестирилген заманагөй когенерация орайының жумысы менен де танысты.

Атап өтилгениндей, бул орай гүзги-қысқы мәўсимде мәҳәллениң ыссылық ҳәм электр энергиясы тәмийнатының турақлылығына хызмет етеди. Когенерация технологиясы арқалы тәбийий газден алдын электр энергиясы алынады, соң ажыралып шыққан ыссылық суў ҳәм турақ жайларды ысытыўға бағдарланады. Бул энергия нәтийжелилигин арттырып, ысырапгершиликти азайтады.

Жойбардың улыўма баҳасы 5,8 миллион долларды қурайды. Бул жерге Германияда ислеп шығарылған заманагөй газ-поршенли қурылмалар ҳәм қазанлар орнатылған. Орай жылына 18,4 миллион киловатт-саат электр энергиясы ҳәм 80 мың гигакалория ыссылық энергиясын ислеп шығарыў имканиятына ийе.

Жойбар шеңберинде 2 километр узынлықтағы жоқары күшлениўли электр линиясы қурылып, улыўмалық тармаққа жалғанды. Нәтийжеде районлық орайлық электр тармағындағы жүклеме 3 процентке азайды. Орайдың иске қосылыўы менен 10 турақлы жумыс орны жаратылды.

Соның менен бирге, мәҳәллениң улыўма инфраструктурасы да түп-тийкарынан жаңаланды. 1,4 километр пиядалар жоллары қурылды, 12 көп қабатлы жайдың фасад бөлеги оңланды, ишки жолларға асфальт төселди. Аймақты көклемзарластырыў мақсетинде 2 мың 720 түп саяманлы терек ҳәм пута нәллери егилди.

Президентимиз “мәҳәлле жетилиги” ҳәм аймақ белсендилери менен қызғын сәўбетлести. Бул жердеги өзгерислер халық ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў, мәҳәллени абат ҳәм қәўипсиз орынға айландырыўға қаратылған жумыслардың нәтийжеси екени атап өтилди.

– Кең көлемли дөретиўшилик жумысларымыз мине усы Сергели районынан басланған еди. Өз ўақтында бул аймаққа заманагөй метро линиясын алып келиў басламасын алға қойғанымызда, бул ири жойбардың келешегине гүман менен қарағанлар да болғаны сыр емес.

Бирақ, бүгин мине усындай көркем ҳәм абат орынларды, ең әҳмийетлиси, сиздей әзиз ўатанласларымыздың кеўилли жүзлерин көрип, таңлаған жолымыз қаншелли дурыс болғанына және бир мәрте исеним пайда етемиз.

Бүгинги сапарымыздан мақсет те сизлер менен тиккелей сөйлесиў, усыныс ҳәм басламаларыңызды тыңлаў болып табылады, – деди Президентимиз.

Мәмлекетимиз басшысы жол-жөнекей Сергели районынан өтетуғын жер үсти метро жөнелиси астында шөлкемлестирилген саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлерин көзден өткерди.

Заманагөй қала қурылысында бар инфраструктурадан ақылға уғрас пайдаланыў, бос майданларды халық ушын қолайлы, экономика ушын нәтийжели орынларға айландырыў үлкен әҳмийетке ийе. Усы мақсетте жер үсти метро жолының астындағы 5,7 гектар майдан түп-тийкарынан жаңаланды.

Бул жерде 137 исбилерменлик субъекти шөлкемлестирилип, 250 жаңа жумыс орны жаратылды. Метро астында 4 километр пиядалар ҳәм велосипед жолы, 2 балалар майданшалары ҳәм спорт зоналары шөлкемлестирилди. Халықтың дем алыўы ушын 100 орынлық ҳәм 40 заманагөй саяманлы шырақ орнатылды.

Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёев Сергели районы ҳәкимлигине барды.

Мәмлекетимиз басшысына дәслеп ҳәкимлик имаратында район уйымларының “бир айна” принципи тийкарында шөлкемлестирилген жумысы ҳаққында мағлыўмат берилди. Район ҳәкимлиги имаратында ҳәкимликтен тысқары және 5 шөлкем жумыс алып барып, олар тәрепинен халық ҳәм исбилерменлерге 30 дан аслам түрдеги мәмлекетлик хызметлер көрсетилип келинбекте.

Атап айтқанда, Ишки ислер министрлигине онлайн мүрәжат етиў қурылмасы халық ушын бир қанша жеңилликлер жаратады. Бул системадан мүрәжат жолланғанда нәўбетши инспектор видеобайланыс арқалы мүрәжат етиўши менен байланысады. Мүрәжат автоматикалық дизимге алынады. Мүрәжат етиўши жумыс нәтийжеси, инспектор қатнасы, ҳәрекети ҳаққында өзиниң баҳасын қояды.

Мәмлекетимиз басшысы бундай “ақыллы” қурылмаларды халық көп жыйналатуғын орынлар, базар ҳәм басқа да объектлерге көбирек орнатыў бойынша тапсырма берди.

Ҳәкимликте жағдайлар орайы шөлкемлестирилген. Жасалма интеллект тийкарында таллаў, машқалаларды жедел анықлаў ҳәм шешиў бойынша “Ақыллы район” платформасы иске қосылған. Жағдайлар орайында 17 мәлимлеме системасының өз-ара байланысқаны халық пенен ислесиўди жаңа басқышқа алып шығады.

Бул жерде социаллық ҳәм коммуналлық машқалалар мониторинг етиледи, халықтың мүрәжатларының орынланыўы қадағалаўға алынады, айрықша жағдайларда тийисли хызметлердиң жумысы оператив басқарылады ҳәм муўапықластырылады.

Жағдайлар орайын иске түсириў шеңберинде районның 46 мәҳәллеси менен видеоконференцбайланыс жолға қойылған ҳәм орай менен интеграцияланған. Сондай-ақ, райондағы 25 мектеп жағдай орайларына интеграцияланбақта.

Платформа қурамындағы “Қәўипсиз район” системасы ҳуқықбузарлықларды мониторинг етиў ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўге хызмет етеди.

Исбилерменлик субъектлериниң санлы картасы жасалма интеллект анализи тийкарында салық түсимлерин прогнозлаў ҳәм олардың жыйналыўын тәмийинлеўге қаратылған. “AI Davomat” системасы болса мектеплерде себепсиз сабақ қалдырыў жағдайларын сапластырыў, жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлықтың алдын алыўда айрықша әҳмийетке ийе.

Президентимиз жағдайлар орайының жумысы менен танысып, бул жаңа системаны пайтахтымыздың қалған районларында да енгизиўге тапсырма берди. Ташкент қаласында билимлендириў системасы, қурылыс тараўын санластырыў, жасырын экономиканы қысқартыў ҳәм салықлардың жыйналыўын арттырыў, жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша жуўапкерлердиң есаплары тыңланды.

Усы жерде Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Ташкент қаласын, атап айтқанда, Сергели районын социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм мәҳәллелерде қәўипсиз орталық жаратыў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Мәмлекетимиз басшысы соңғы жыллары Сергели районында үлкен өзгерислер әмелге асырылғанын атап өтти. Жақынға шекем пайтахттың шетки аймағы есапланған Сергелиде халық жумыс ислеў, дәрамат табыў, дем алыў ҳәм медициналық хызметлерден пайдаланыў ушын тийкарынан қала орайына барыўға мәжбүр еди.

Бүгин болса районда орталық ҳәм адамлардың жасаў тәризи түп-тийкарынан өзгерди. Кейинги он жылда бул жерде 30 мың квартиралы жаңа турақ жайлар, улыўма майданы 2 миллион квадрат метр болған санаат, саўда ҳәм сервис объектлери қурылды.

Исбилерменлердиң саны 2,5 мыңнан 6 мың 200 ге көбейди. Районда қәлиплескен бюджет түсимлери 382 миллиард сумнан 2 триллион 200 миллиард сумға, яғный 5,5 есеге артты. Халық ушын 5 ири дем алыў орны ҳәм дем алыў бағлары иске қосылды.

Ташкент ўәлаятынан өткен 13 мәҳәлле есабынан Сергели районының аймағы 1 мың 800 гектарға кеңейип, жәми 5,6 мың гектарға жетти. Районды басқа аймақлар ҳәм қала орайы менен байланыстыратуғын 9 километрлик жол, 8 станциядан ибарат жаңа метро линиясы қурылды.

Мектеп орынлары 25 мыңнан 38,5 мыңға, бақша орынлары 7,5 мыңнан 15,5 мыңға көбейди. 50 мәмлекетлик ҳәм жеке меншик клиника ашылды.

Соның менен бирге, транспорт, жол, электр, суў ҳәм канализация сыяқлы инфраструктура тармақларын жақсылаў бойынша шешимин күтип атырған мәселелер еле көп екени атап өтилди.

Халықты хатлаўдан өткериў бойынша дәслепки нәтийжелер Сергели районындағы реал жағдайды анық көрсетти. Алдын район халқы 181 мың деп есапланған болса, хатлаў нәтийжесине бола, аймақта ҳақыйқатында 236 мыңға шамалас халық жасайтуғыны мәлим болды. Жақын жылларда Сергели халқының саны 300 мыңнан артыўы күтилмекте.

Сол себепли, басшыларда турақ жай, бақша, мектеп, поликлиника ҳәм жумыс орынларын халықтың өсиўине сәйкес көбейтиў бойынша ҳәзирден анық реже ҳәм бағдарлама болыўы зәрүр екенлиги билдирилди.

Быйыл Сергели районын раўажландырыў ушын бюджеттен 173 миллиард сум, банклер арқалы 2 триллион 200 миллиард сум ресурс ажыратылған. Район ҳәкими ҳәм жуўапкерлерге бул қаржыларды нәтийжели жумсап, қосымша қунды 2-3 есеге көбейтиў бойынша режелерди әмелге асырыў ўазыйпасы қойылды.

Усы жылы пайтахт районлары жәми 9 миллиард долларлық инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўы белгиленген. Сергелиниң өзине өткен бес айда 236 миллион доллар инвестиция киргизилди. Жылдың ақырына шекем 60 жойбарды баслаў есабынан және 750 миллион доллар инвестиция тартыў режелестирилген.

Пайтахт шараятында санаат жойбарларын жайластырыўда жер мәселеси ең үлкен машқала екени көрсетип өтилди. Сонлықтан, “Жаңа әўлад” санаат зонасынан пайтахтымыздың 12 районына орын ажыратыў ҳәм инвестиция, санаат, жумыс орны, экспорт ҳәм бюджет түсими көрсеткишлерин жойбарлаған районның өзине жазыў системасын енгизиў тапсырылды.

Мәжилисте жер үстинен өткен метро жөнелиси астында саўда ҳәм сервис объектлерин шөлкемлестириў тәжирийбеси де көрип шығылды. Онда мәмлекет жерден пайдаланыў ҳуқықын аукционға шығарып, жойбар ҳәм инфраструктурасын таярлап береди, қалғанын исбилерменлер әмелге асырады.

Сергелиде метро линиясының және 8,5 километр бөлегинде усындай жумыслар жуўмақланса, 137 саўда-сервис объекти, 1-1,5 мың жумыс орны жаратылады, район бюджетине 20-25 миллиард сум қосымша түсим түседи.

Улыўма етип айтқанда, жер үсти метро линиясының Яшнабад, Сергели ҳәм Янгиҳаёт районларынан өткен 23 километр аймағында бундай жойбарлар әмелге асырылса, және 400 исбилермен бизнес баслап, 3 мың жумыс орнын жаратыўы мүмкин.

Жерлерди қурылысқа руқсат, архитектура-режелестириў тапсырмасы ҳәм жойбары менен бирге таяр пакет түринде аукционға шығарыў бойынша Сергелиде жаңа тәжирийбе басланды. Мәмлекетимиз басшысы бул тәжирийбени тек ғана жер участкалары емес, ал сатыўға шығарылып атырған мәмлекетлик объектлер ҳәм санаат зоналарына да енгизиў зәрүрлигин атап өтти.

Ташкент ўәлаяты аймағынан алты жыл алдын Сергелиге қосылған 13 мәҳәлледе 14,5 мың шаңарақ бар, оларда 50 мыңнан аслам халық жасайды. Бирақ бул аймақлардың халқы елеге шекем қала орталығын толық сезген жоқ.

Бул мәҳәллелерде жақтыландырыў ушын 629 темир-бетон бағана орнатылып, кабель тартылған. Бирақ система еле иске қосылмағаны сынға алынды. Жуўапкерлерге он күн мүддетте бул мәселени шешиў тапсырылды. Сондай-ақ, жылдың ақырына шекем бул мәҳәллелерди канализация тармағына толық жалғаў ўазыйпасы қойылды.

Сергели районында халық ҳәм исбилерменлердиң саны артқаны себепли электр энергиясына жыллық талап бес жылда 40 процентке көбейди. Айырым мәҳәллелерде электр кернеўлиги нормадан 1,5-2 есеге төмен екенлиги атап өтилди.

“Қала алды,” “Өзгерис” ҳәм “Қумариқ” подстанцияларын иске қосыў ушын жәми 107 миллиард сум ажыратылған. Жуўапкерлерге бул объектлерди анық мүддетлерде иске қосыў ҳәм халыққа кепилликли электр тәмийнатын жолға қойыў ўазыйпасы қойылды.

Улыўма, пайтахттың Бектемир, Мырза Улығбек, Сергели, Яшнабад ҳәм Янгиҳаёт районларына өткен 46 мәҳәлледе электр, суў, канализация ҳәм жол бойынша бирде-бир шешилмеген мәселе қалмаўы керек екенлиги атап өтилди.

Сергели ҳәм Янгиҳаёт районларының халқын қыйнап киятырған және бир мәселе – суў тазалаў имараты әтирапындағы жаман ийис. Жуўапкерлерге 1-сентябрьге шекем ақаба суў қабыл етиў имаратына заманагөй фильтрлеў үскенелерин орнатып, бул машқаланы сапластырыў тапсырылды.

Келеси жылдан Бирлескен Араб Әмирликлериндеги шериклер менен Төменги Шыршық районында қуўатлылығы 300 мың куб метр болған заманагөй суў тазалаў имаратының қурылысы басланады. Соның есабынан Сергелидеги суў тазалаў имаратына жүклеме кескин азаяды.

Усы жылы халыққа қолайлық жаратыў мақсетинде Сергелидеги тийкарғы 23 километр жолда ҳәрекет қәўипсизлиги қайта көрип шығылмақта. Кесилиспелерге 455 “ақыллы” светофор орнатылады, 150 автобус бәндиргиси жаңаланып, 10 мың орынлық автомобиль туратуғын орын шөлкемлестириледи.

Келеси жылы Янги Сергели көшесинде автобуслар ушын 5,5 километрлик BRT жолын қурыў режелестирилген. Бул жол Шота Руставели көшеси менен байланысады. Сергели, Бектемир ҳәм Янгиҳаёт районларын пайтахттың басқа аймақлары менен байланыстыратуғын Ташкент айланба жолындағы жаңа көпир қурылысын тезлетиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Жыл басынан берли Ташкент қаласына дерлик 3 миллион сырт елли турист келди. Олардың көпшилиги тарийхый естеликлер, дем алыў бағлары, базарлар, кафе-ресторанлар ҳәм туристлик мәҳәллелерге пияда барып, арқайын сейил етиўди қәлейди.

Буның ушын жол көрсеткишлери, қолайлы маршрутлар ҳәм санлы карталар зәрүр екенлиги атап өтилди. Жуўапкерлерге автобус бәндиргилери, вокзал, аэропорт ҳәм метро станцияларында туристлер ушын қала маршрутларын көрсететуғын, телефонға бийпул ҳәм аңсат жүклеп алынатуғын карталарды енгизиў тапсырылды.

Сондай-ақ, пайтахт мийманлары ҳәм сейилге шыққан халық ушын ҳәжетханалардың жетиспейтуғыны атап өтилди. Бир ай мүддетте айрықша бағдарлама ислеп шығып, усы жылдың өзинде ҳәр бир районда 15-20 заманагөй ҳәжетхана қурыў ушын жерлерди аукционға шығарыў ўазыйпасы қойылды. Шығынды қутыларын кескин көбейтиў бойынша да илажлар көриледи.

Сергелидеги айырым мектеплер қуўатлылығынан 1,5-2 есеге жоқары жүклемеде ислемекте. Мәжилисте оқыўшы орнын 2 есеге көбейтиў имканиятын беретуғын жаңа типтеги мектеплер қурыў жойбары усыныс етилди.

Жаңа жойбарға бола, спорт залы, асхана ҳәм устахана жер төледе жайласады, жоқары қабатлардан болса класс ханалары сыпатында пайдаланылады. Быйыл Ташкент қаласының ҳәр бир районында биреўден мектеп ҳәм бақшаға усы көзқарасты енгизип, “пайтахт тәжирийбеси”н жаратыў тапсырылды.

Пайтахтта халық ҳәм туристлер ушын салқын микроклимат жаратыў мақсетинде 12 жасалма көл қурыў жумыслары басланбақта. Соннан үшеўи Сергелиде – Қўшқўрғон, Султанабад ҳәм Фароғатлы мәҳәллелеринде жәми 22 гектар майданда шөлкемлестириледи.

Бул көллерди пайтахт климатын турақлы сақлаўға, адамлардың пияда жүрип, дем алыўына хызмет ететуғын орынларға айландырыў ўазыйпасы қойылды. Сондай-ақ, “Жўн” каналының Сергели ҳәм Янгиҳаёт районларынан өткен 5 километр бөлегин бетонластырыў басланғаны атап өтилди. Сергели ҳәм Янгиҳаёт районларының ҳәкимлерине жыл ақырына шекем канал бойында сейил етиў орны ҳәм саламатлық жолын шөлкемлестириў тапсырылды.

Мәжилисте мәҳәллелерде қәўипсиз орталықты тәмийинлеў бойынша пайтахт үлгисин жаратыў мәселеси де көрип шығылды. Пайтахт районларына республика басшыларының бириктирилгени өз нәтийжесин берип атырғаны атап өтилди.

Алты айда 230 мәҳәлледе жынаят жүз бермеди, 332 мәҳәлледе жынаят кескин азайды. Криминоген жағдай қәўетерли мәҳәллелер саны 60 тан 23 ке түсти. Бул қалада жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша жаңа қатнаслар нәтийже берип атырғанын көрсетпекте.

Сергели районында да қәўипсиз орталық жаратыў бойынша унамлы нәтийжелер атап өтилди. Криминоген жағдай аўыр деп баҳаланған 29 мәҳәлле “жасыл” категорияға өтти. 17 мәҳәлледе жынаят жүз бермеген. Сергели бул бағдарда Ташкент қаласы районлары арасында ең жақсы нәтийжелерден бирин көрсетти.

Мәмлекетимиз басшысы Өзгерис мәҳәллесиндеги профилактика жумыслары бойынша тәжирийбени ғалаба ен жайдырыў, райондағы қалған 46 мәҳәллени “жасыл” категорияға өткериў, жасырын экономиканы қысқартыў, жаслар менен ислесиў бойынша жаңа қатнасларды енгизиў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.

Мәжилисте ҳәкимлер ҳәм жуўапкерлердиң мәлимлемеси тыңланды.

ӨзА