Өзбекстан ҳәм Грузия қатнасықлары жаӊа басқышқа көтерилип, стратегиялық шериклик статусын алды

145

 Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Грузия Бас министри Ираклий Кобахидзеның мирәт етиўине бола 2-3-июль күнлери мәмлекетлик сапар менен усы елде болды.

Мәмлекетимиз басшысы 3-июль күни Тбилиси қаласындағы Қаҳарманлар майданына барды.

Өзбекстан Республикасы Президенти ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Елимиз жетекшиси Грузия бирлиги ушын қайтыс болған қаҳарманлар естелигине гүл қойды. Әскерий оркестрдиң атқарыўында Өзбекстан ҳәм Грузия мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Буннан соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Грузия Бас министри Ираклий Кобахидзе тар шеңберде ҳәм еки мәмлекет рәсмий делегацияларының қатнасыўында сөйлесиў өткерди.

Мәмлекетимиз басшысы ушырасыў алдынан Өзбекстан Президентиниң Грузияға жигирма жылдан аслам дәўирде биринши мәрте әмелге асырылып атырған бул мәмлекетлик сапары Өзбекстан – Грузия қатнасықларын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўда айрықша әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

Сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт-транзит, туризм ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Барлық дәрежелердеги сөйлесиўлер избе-из раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Тәреплер ҳүкиметлер, парламентлер, исбилермен топарлар арасындағы жедел байланысларды және мәдений-гуманитарлық алмасыўларды даўам еттириў әҳмийетли екенин атап өтти.

Өткен жылы еки ел арасындағы товар алмасыўдың көлеми 270 миллион долларды қурады, усы жылдың басынан болса 100 миллион доллардан асты. Жақын жылларда бул көрсеткишти 1 миллиард долларға жеткериў, саўдадағы теңсалмақлылықты сапластырыў, санаат көргизбелерин өз-ара өткериў арқалы еки мәмлекет арасында талап жоқары болған өнимлерди жеткерип бериў көлемин арттырыў бойынша “жол картасы”н қабыл етиўге келисип алынды.

Транспорт-транзит тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеў, бул әҳмийетли жөнелистиң потенциалынан толық пайдаланыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў мәселелери додаланды.

Елимиз жүклерин тасыўда Поти ҳәм Батуми портларының инфраструктурасынан жедел пайдаланыў илажларына айрықша итибар қаратылды. Грузияда логистика хабын, онда болса санаат зонасы ҳәм Өзбекстан өнимлери ушын шоурум шөлкемлестириў режелери қоллап-қуўатланды.

Мәмлекетимиз басшысы “Баку – Тбилиси – Карс” темир жолының иске қосылғанын қоллап-қуўатлады. Оны қурылып атырған “Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан” темир жол магистралы менен байланыстырыў мәселесин үйрениў усыныс етилди.

Санаат кооперациясы бирге ислесиўдиң айрықша тийкарғы бағдары сыпатында белгиленди. Күни кеше өткерилген биргеликтеги бизнес форумының нәтийжелерине жоқары баҳа берилди. Оның жуўмақлары бойынша 2027-жылға шекем мөлшерленген Кооперация бағдарламасына қол қойылды.

Аўыл хожалығы, электротехника ҳәм энергетика тармақлары, фармацевтика, азық-аўқат ҳәм жеңил санаат, қурылыс материалларын ислеп шығарыў ҳәм девелопмент, санластырыў, мәлимлеме технологиялары, санлы банк ҳәм туризм тараўларында жаңа жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимлерге ерисилди. Жойбарлаў басламаларын қоллап-қуўатлаў ушын биргеликтеги Инвестициялық фондты шөлкемлестириў усыныс етилди.

Мәдений-гуманитарлық байланыслар жедел кеңеймекте. Усы жылдың март айында Ташкент қаласында Грузия мәденияты күнлери табыслы өткерилди.

Өзбекстан Президенти Грузия тәрепине Тбилисидеги бағлардан бирине уллы шайыр Әлийшер Наўайы атын бериўге қарар еткени ушын миннетдаршылық билдирди.

Усы жылы Өзбекстанда биргеликтеги билимлендириў ҳәм туризм форумларын өткериў режелестирилди.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының Грузиядағы елшиханасын шөлкемлестириў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Сөйлесиўлер нәтийжесинде ерисилген келисимлердиң орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған биргеликтеги “жол картасы” таярланады.

Болып өткен сөйлесиўлердиң жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Грузия Бас министри Ираклий Кобахидзе Стратегиялық шериклик қатнасықларын орнатыў ҳаққындағы декларацияға қол қойды.

Сондай-ақ, делегациялар басшыларының жанында бир қатар еки тәреплеме ҳүжжетлер алмасылды. Соннан:

– Бажыхана жумысларында бирге ислесиў ҳәм өз-ара ҳәкимшилик жәрдем ҳаққында келисим;

– Мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм санластырыў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;

– Кәсиплик ҳәм жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;

– Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети ҳәм Грузия Ҳүкимети арасында 2026-2027-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасы;

– Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги ҳәм Грузия Мәденият министрлиги арасында 2027-2030-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасы;

– Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен Грузия Қаржы министрлиги арасында өз-ара түсинисиў меморандумы;

– “E-Permit” руқсатнамалар алмасыўы мәлимлеме системасын енгизиў бойынша бирге ислесиў ҳаққында меморандум;

– Аўыл хожалығы тараўында өз-ара түсинисиў меморандумы;

– Қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында меморандум;

– Денсаўлықты сақлаў тараўында өз-ара түсинисиў меморандумы;

– Радиациялық қорғаў ҳәм ядролық қәўипсизлик мәселелери бойынша бирге ислесиў ҳәм мәлимлеме алмасыў ҳаққында меморандум;

– Мийнет миграциясы тараўында өз-ара түсинисиў меморандумы;

– Туризм тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында меморандум.

Сондай-ақ, сапар шеңберинде Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы менен Грузия Әдиллик министрлиги жанындағы Миллий орынлаў бюросы арасында бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға қол қойылды.

Соң Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Грузия Бас министри Ираклий Кобахидзе Тбилиси қаласында өзбек халқының уллы перзенти, шайыр ҳәм ойшыл Әлийшер Наўайы естелигиниң салтанатлы ашылыў мәресиминде қатнасты.

Әлийшер Наўайының мийрасы тек ғана өзбек халқының емес, ал пүткил инсанияттың байлығы болып есапланады. Өмирдиң өзине тән энциклопедиясына айланған ҳәзирети Наўайының шығармалары көплеген әўладларды илҳамландырып келмекте, изертлеўшилер, әдебият ықласбентлери ҳәм Шығыстың бай руўхый дүньясын тереңирек аңламақшы болған барлық инсанлар ушын билим дереги болып хызмет етпекте.

Тбилиси қаласында Әлийшер Наўайы естелигиниң ашылыўы Өзбекстан менен Грузия арасындағы мәдений байланыслар тарийхында және бир әҳмиетли ўақыя болды. Халықларымызды әзелден саўда жоллары, дослық ҳәм өз-ара ҳүрмет байланыслары байланыстырып келген, бир-биримиздиң бай мәдений мийрасымызға қызығыўшылығымыз үлкен.

Өзбекстанда уллы грузин шайыры Шота Руставелидиң дөретиўшилигин терең ҳүрмет етеди ҳәм қәдирлейди. Ташкенттиң орайлық көшелеринен бири оның аты менен аталған, грузин классикалық әдебиятының уллы ғайраткерине естелик орнатылған. Өз гезегинде, өткен жылы Тбилисидиң орайлық бағларынан бирине Әлийшер Наўайы аты берилди.

Соӊғы жылларда Өзбекстан менен Грузия арасындағы мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў жаңа басқышқа көтерилди. Тбилиси қаласында Өзбекстан мәденияты ҳәм кино күнлери, Ташкент қаласында болса Грузия мәденияты күнлери табыслы өткерилди.

Мәресимде Әлийшер Наўайы жәҳән әдебиятының уллы ўәкили екени, оның бийбаҳа дөретиўшилиги әсирлер даўамында адамларды инсаныйлық, ағартыўшылық, пикирлеў ҳәм өз-ара ҳүрметке шақырып киятырғаны атап өтилди.

Тбилиси қаласындағы Әлийшер Наўайы естелиги Өзбекстан ҳәм Грузия халықлары арасында беккемленип атырған дослық байланысларының және бир айқын белгиси болатуғынына исеним билдирилди.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Грузияға мәмлекетлик сапары шеңбериндеги илажлар жуўмақланды. Шота Руставели атындағы халықаралық аэропортта уллы мәртебели мийманды Грузия Бас министри Ираклий Кобахидзе шығарып салды.

ӨзА