Тойво Клаар: Өзбекстандағы кең көлемли реформалар Европа Аўқамында жоқары баҳаланбақта

22

Олий Мажлис Сенатына Европа Аўқамының Өзбекстан Республикасындағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Тойво Клаар келди.

Сенат Баслығы Танзила Норбоева менен ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасындағы көп тәреплеме бирге ислесиўди және де беккемлеў, парламентлераралық байланысларды кеңейтиў ҳәм тийкарғы биргеликтеги басламаларды әмелге асырыўдың әҳмийетли мәселелери додаланды.

Т.Клаар Өзбекстанда кейинги жылларда әмелге асырылып атырған кең көлемли демократиялық реформалар, парламент институтының ролин күшейтиў ҳәм нызам дөретиўшилигиниң нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған илажлар Европа Аўқамында жоқары баҳаланып атырғанын атап өтти. Сондай-ақ, Өзбекстан менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де тереңлестириўден Европа Аўқамы мәпдар екенин билдирди.

Сөйлесиўде Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимниң толық күшке кириўи еки тәреплеме қатнасықларды сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўы, сиясий сөйлесиў, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм гуманитарлық бирге ислесиўди буннан былай да жеделлестириў ушын беккем ҳуқықый тийкар болып хызмет ететуғыны атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен бул келисимди Европа Аўқамына ағза мәмлекетлер парламентлери тәрепинен тезирек ратификациялаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Тәреплер парламентлераралық бирге ислесиўди және де жеделлестириў, нызамшылық тараўында алдыңғы тәжирийбе алмасыў, сондай-ақ, «Inter Pares» жойбары шеңберинде әмелге асырылып атырған биргеликтеги бағдарлама ҳәм басламаларды избе-из даўам еттириў бойынша пикир алысты.

Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасындағы ашық ҳәм конструктивлик сөйлесиўди избе-из даўам еттириў, парламентлераралық шерикликти жаңа басқышқа көтериў және өз-ара пайдалы бирге ислесиўди анық әмелий жойбарлар менен байытыў бойынша бирге ислесиўди және де жеделлестириўге келисип алынды.

Норгул Абдураимова,

ӨзА