Ақтөбе қаласында Қарақалпақстан саўда үйи ашылды

86

Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықша итибары нәтийжесинде республикамыздың экономикасы еле де беккемленип, экспорт потенциалы артып бармақта.

Атап айтқанда, республикамыздың қоңсылас сырт мәмлекетлер менен ҳәр тәреплеме қатнасықлары раўажланып, олар менен бирге ислесиў шеңбери кеңейип бармақта. Соның ишинде,  айрықша айтыў керек қоңсылас Қазақстан Республикасының Маңғыстаў ўәлаяты Ақтаў қаласында Қарақалпақстанда жетистирилген ҳәм ислеп шығарылған өнимлерди сатыў мақсетинде арнаўлы саўда үйи ашылған еди.

Жақында Ақтөбе ўәлаятының Ақтөбе қаласындағы “Табыс Алаңы” көтере саўда базары аймағынан Қарақалпақстанның және бир усындай саўда үйи ашылды.
Ҳәзирги ўақыттта бул жерде республикамызда жетистирилген аўыл хожалығы өнимлери, санаат ҳәм басқа да бағдарлар бойынша ислеп шығарылған өнимлер сатылыўы жолға қойылмақта.

Саўда үйинде арнаўлы саўда орынлары, музлатқышлы қоймаханалар ҳәм келиўшилер ушын қолайлы инфраструктура жаратылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги