Президент саўғасы – автомобиль өз ийесине салтанатлы түрде тапсырылды

97

Жақында Президентимиз Шавкат Мирзиёев Жаслар күни мүнәсибети менен Олимпиада қалашасында шөлкемлестирилген арнаўлы көргизбеде елимиздиң белсенди жаслары тәрепинен жаратылған инновациялық исленбелер менен танысқан еди.

Көргизбе шеңберинде Нөкис мәмлекетлик техника университети студентлери тәрепинен «Shell Eco-marathon» халықаралық таңлаўы ушын ислеп шығылған «Aral Drive» жойбары Президентимизге таныстырылды.

Буннан соң жойбар презентациясын усынған Техника университетиниң «Экономика ҳәм телекоммуникация инжиниринги» факультети «Экономика» бағдары 2-курс студенти Айзада Асанова Президент саўғасы  Volkswagen электромобили менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев усы автомобилди өз ийесине тапсырды ҳәм  «Aral Drive» жойбарының барлық қатнасыўшыларын қутлықлады.

Командаға алдағы ўақытта Белгия мәмлекетинде өткерилетуғын таңлаўда да жоқары нәтийжелерди қолға киргизиўине тилеклеслик билдирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги