Мәмлекетлик сатып алыўларда баҳаларды жасалма арттырыўға қарсы жаңа механизм енгизилмекте

76

Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен қол қойылған ӨРН-1155-санлы нызам менен мәмлекетлик сатып алыўлар тараўында баҳалардың тийкарсыз арттырылыўының алдын алыў, бюджет қаржыларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм коррупциялық қәўипқәтерлерди азайтыўға қаратылған өзгерислер киргизилди.

Атап айтқанда, “Мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққында”ғы нызамның 33-статьясына киргизилген қосымшаларға муўапық, мәмлекетлик сатып алыўларда сатып алынатуғын товарлар ҳәм хызметлердиң баҳасы менен олардың орташа базар баҳасы арасындағы ең көп жол қойылатуғын айырмашылықты белгилеў тәртиби Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди. Енди мәмлекетлик буйыртпашылар мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыўда басланғыш баҳаны қәлиплестириў бойынша белгиленген талапларға әмел етиўи шәрт.

Сондай-ақ, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске киргизилген қосымшаларға муўапық, мәмлекетлик сатып алыў предметиниң басланғыш баҳасы ҳәм оның орташа базар баҳасы арасындағы жол қойылатуғын айырмашылықтың ең көп муғдарына белгиленген талапты бузыў лаўазымлы шахсларға базалық есаплаў муғдарының 30 есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.

Бул ҳуқықбузарлық ҳәкимшилик жаза қолланылғаннан кейин бир жыл даўамында қайтадан исленген болса, лаўазымлы шахсларға базалық есаплаў муғдарының 30 есесинен 50 есесине шекемги муғдарда жәрийма салынады. Бул өзгерислер мәмлекетлик сатып алыўларда басланғыш баҳаларды базар баҳаларына сәйкес ҳәм тийкарланған түрде қәлиплестириў, бюджет қаржыларының мақсетли жумсалыўын тәмийинлеў және сатып алыў процесслеринде ашық-айдынлық ҳәм жуўапкершиликти күшейтиўге хызмет етеди.

Нызамға муўапық, мәмлекетлик сатып алыўларда товарлар ҳәм хызметлердиң орташа базар баҳасын анықлаў, баҳалар арасындағы ең жоқары жол қойылатуғын шегараны белгилеў және бул процесс үстинен қадағалаўды әмелге асырыў тәртиби үш ай мүддетте Министрлер Кабинети тәрепинен ислеп шығылады ҳәм тастыйықланады.

ӨзА