Жаслар менен ашықтан-ашық сөйлесиў: имканиятлар, басламалар ҳәм келешекке исенимли қәдем

52

Нөкис қаласында Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Сиясий Кеңеси Атқарыў комитетиниң баслығы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасындағы ӨзЛиДеП фракциясының басшысы, Өзбекстан фермерлер кеңесиниң баслығы Актам Хаитовтың жаслар менен ашықтан-ашық сөйлесиў болып өтти.

Ушырасыўда Нөкис қаласының ҳәкими Абат Данияров, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Аграр ҳәм суў хожалығы мәселелери комитетиниң баслығы Равшан Мамутов, Нызамшылық палатасының депутаты Адҳамбек Исмаилов, Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Сиясий Кеңеси Атқарыў комитетиниң департамент баслығы Акром Алимов, ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы Сағындық Турманов, партия белсендилери, Жаслар қанатының ўәкиллери ҳәм жаслар қатнасты.

Илаж даўамында Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жылдың 30-июнь күни жаслар менен өткерген ашықтан-ашық сөйлесиўинде белгиленген тийкарғы ўазыйпалар, жасларға жаратылып атырған жаңа имканиятлар, билимлендириў, исбилерменлик, бәнтлик ҳәм қәбилетли жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратылған басламалар бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысылды.

Сондай-ақ, партия тәрепинен әмелге асырылып атырған “Халық пенен бирге” улыўма миллий жойбары шеңберинде жаслардың басламаларын қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, ҳуқықый мәдениятын арттырыў және жәмиетлик турмыстағы қатнасын кеңейтиў бағдарында алып барылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Ушырасыў қызғын ҳәм ашық сөйлесиў руўхында өтти. Жаслар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар, партияның келешектеги режелери, жаслар ушын жаңа жойбарлар ҳәм сиясий процесслерге байланыслы өзлерин қызықтырған сораўлар менен мүрәжат етти. Барлық сораўларға ҳәр тәреплеме жуўаплар берилип, жаслардың усыныс ҳәм басламалары қоллап-қуўатланды.

Илаждың ең тәсирли ўақыяларынан бири белсенди жасларды хошаметлеў мәресими болды. Жәмиетте пуқаралар, әсиресе, жаслар арасында сиясий мәденият ҳәм ҳуқықый билимлерди арттырыў, партияның мақсет ҳәм ўазыйпаларын кеңнен үгит-нәсиятлаўда белсендилик көрсеткен ӨзЛиДеП Жаслар қанатының бес белсендисине миннетдаршылық хаты ҳәм планшетлер салтанатлы түрде тапсырылды.

Ушырасыўда партия волонтёры Дилноза Еримбетова да шығып сөйлеп, ӨзЛиДеПке 2024-жылы ағза болғанынан соң өмиринде үлкен өзгерислер жүз бергенин айрықша атап өтти. Ол партия арқалы сиясий процесслерде белсене қатнасыў имканиятына ийе болғанын, депутатлар, партия белсендилери ҳәм үлкен тәжирийбеге ийе устазлардан билим ҳәм турмыслық тәжирийбе алғанын билдирди.

Дилноза Еримбетова өзиниң мийнетиниң нәтийжесинде “Үмит ушқыны” ҳәм “Зулфия” сыйлығының ийеси болғанын, бул жетискенликлерге ерисиўинде партия тәрепинен жаратылған имканиятлар, қоллап-қуўатлаў ҳәм исеним үлкен әҳмийетке ийе болғанын атап өтти. Ол келешекте халық исенимине ерискен депутат болыўды өзиниң ең үлкен мақсети  сыпатында белгилегенин билдирди.

Илаж қатнасыўшылары тәрепинен бундай ушырасыўлар жаслардың сиясий санасы, ҳуқықый мәденияты ҳәм пуқаралық позициясын беккемлеўде үлкен әҳмиетке ие екени атап өтилди. Әсиресе, жаслардың партия жумысына болған қызығыўшылығы және де артып, мәмлекеттиң раўажланыўы жолындағы реформаларда белсене қатнасыўға умтылысы күшейгени ушырасыўдың ең әҳмийетли нәтийжелеринен бири болды.

Бундай ашықтан-ашық сөйлесиўлер ӨзЛиДеПтиң жаслар менен турақлы байланыста екенлигин, олардың пикир ҳәм басламаларын қоллап-қуўатлаў және мәмлекет келешегин қуратуғын белсенди, билимли ҳәм ўатанды сүйиўши әўладты тәрбиялаўға қаратылған ҳәрекетлери избе-из даўам етип атырғанын және бир мәрте көрсетти.

                                                                   Қарақалпақстан хабар агентлиги