Тбилисиде Әлийшер Наўайының естелиги ашылды

127

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Грузия Бас министри Ираклий Кобахидзе Тбилиси қаласында өзбек халқының уллы перзенти, шайыр ҳәм ойшыл Әлийшер Наўайы естелигиниң салтанатлы ашылыў мәресиминде қатнасты.

Әлийшер Наўайының мийрасы тек ғана өзбек халқының емес, ал пүткил инсанияттың байлығы болып есапланады. Өмирдиң өзине тән энциклопедиясына айланған ҳәзирети Наўайының шығармалары көплеген әўладларды илҳамландырып келмекте, изертлеўшилер, әдебият ықласбентлери ҳәм Шығыстың бай руўхый дүньясын тереңирек аңламақшы болған барлық инсанлар ушын билим дереги болып хызмет етпекте.

photo_2026-07-03_16-23-52

Тбилиси қаласында Әлийшер Наўайы естелигиниң ашылыўы Өзбекстан менен Грузия арасындағы мәдений байланыслар тарийхында және бир әҳмийетли ўақыя болды. Халықларымызды әзелден саўда жоллары, дослық ҳәм өз-ара ҳүрмет байланыслары байланыстырып келген, бир-биримиздиң бай мәдений мийрасымызға қызығыўшылығымыз үлкен.

photo_2026-07-03_16-23-53

Өзбекстанда уллы грузин шайыры Шота Руставелидиң дөретиўшилигин терең ҳүрмет етеди ҳәм қәдирлейди. Ташкенттиң орайлық көшелеринен бири оның аты менен аталған, грузин классикалық әдебиятының уллы ғайраткерине естелик орнатылған. Өз гезегинде, усы жылы Тбилисидиң орайлық бағларынан бирине Әлийшер Наўайы аты берилди.

photo_2026-07-03_16-23-55

Соңғы жылларда Өзбекстан менен Грузия арасындағы мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў жаңа басқышқа көтерилди. Тбилиси қаласында Өзбекстан мәденияты ҳәм кино күнлери, Ташкент қаласында болса Грузия мәденияты күнлери табыслы өткерилди.

photo_2026-07-03_16-23-56

Мәресимде Әлийшер Наўайы жәҳән әдебиятының уллы ўәкили екени, оның бийбаҳа дөретиўшилиги әсирлер даўамында адамларды инсаныйлық, ағартыўшылық, пикирлеў ҳәм өз-ара ҳүрметке шақырып киятырғаны атап өтилди.

photo_2026-07-03_16-23-57

photo_2026-07-03_16-23-58

Тбилиси қаласындағы Әлийшер Наўайы естелиги Өзбекстан ҳәм Грузия халықлары арасында беккемленип атырған дослық байланысларының және бир айқын белгиси болатуғынына исеним билдирилди.

ӨзА