Исбилерменлик субъектлериниң жумыслары үйренилип, пикир-усыныслары тыңланды

43

Бажыхана комитетиниң баслығы А.Мавлонов аймақта исбилерменлик субъектлериниң жумысын үйрениў, оларға жаратылып атырған шараятлар менен танысыў ҳәм бар машқалаларды орнында шешиў мақсетинде радиатор ислеп шығарыўға қәнигелескен жаңа «OSTEN TECHNOLOGIES» ЖШЖ ҳәм“Linkwise” ЖШЖ кәрханаларында болып, ондағы жумыслар менен жақыннан танысты.

Дәслеп ол Тақыятас районында әмелге асырылып атырған жасалма интеллект, үлкен мағлыўматлар ҳәм супер компьютер системаларын шөлкемлестириў жойбары менен жақыннан танысты.

Баҳасы 3,5 миллиард АҚШ долларын қурайтуғын бул жойбардың дәслепки басқышында 700 миллион долларлық сырт ел инвестициясы тартылады ҳәм қурылыс жумыслары усы жылдың өзинде басланады.

Бул ушын шеттен 1,4 миллион АҚШ доллары баҳасында 210 тоннадан аслам материаллар алып келинген болып, онда бажыхана төлемлеринен 2,3 миллиард сум жеңиллик қолланылды.

Қытайдың абырайлы «Shanghai Link Wise Data Intelligence» компаниясы менен биргеликте әмелге асырылып атырған жойбар импорттың орнын басатуғын хызметлердиң көлемин жылына 200 миллион долларға жеткериў, локализациялаў дәрежесин 70 проценттен 90 процентке арттырыў ҳәм аймақтың экономикалық потенциалын буннан былай да беккемлеўге хызмет етеди. Әҳмийетлиси, 100 пуқара турақлы жумыс пенен тәмийинленеди.

Исбилерменлер өз-ара пикирлесиўде сырттан алып келинип атырған үскенелер, комплектлеўши бөлеклер, детальлардың жойбар параметрлерине дәл сәйкес келетуғынлары мәмлекетимизде ислеп шығарылмай атырғанлығы себепли усы товарларға бажыхана төлемлеринен жеңиллик қолланыў бойынша мүрәжат етти.

Жойбарлар ҳәм импорт контрактлерин комплексли экспертизалаў орайы менен биргеликте бул мәселе үйренилип, қысқа мүддетте шешим табыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

Бажыхана комитетиниң баслығы А.Мавлонов Нөкис қаласындағы радиатор ислеп шығарыўға қәнигелескен жаңа кәрханада да болды.

Мәмлекетимиз басшысының аймаққа сапары ўақтында Қарақалпақстанда белгиленген шеклерге ерисиў ушын барлық имканиятлар менен ресурсларды толық иске қосыў, ҳәр бир район ҳәм мәҳәлледе анық есап-санақ және мәнзилли қатнас тийкарында жумысты шөлкемлестириў бойынша берген тапсырмаларының орынланыўы бажыхана уйымларында да басқышпа-басқыш әмелге асырылып атырғанын атап өтиў керек.

Онда исбилерменлерди ойландырып атырған мәселелерди орнына шыққан ҳалда шешиўге айрықша итибар қаратылмақта.

Кәрханадағы сөйлесиўде қысқа мүддетте ерисилген көрсеткишлер талқыланды. 23 миллион АҚШ доллары муғдарындағы сырт ел инвестициясы есабынан Италия, Түркия ҳәм Қытайдан алып келинген заманагөй технологиялар тийкарында шөлкемлестирилген кәрхана жылына 900 мың дана радиатор ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Ҳәзирги ўақытта бул жерде 250 пуқара турақлы жумыс пенен тәмийинленген.

Кәрхананың толық қуўатлылықта ислеўи ушын сырттан алып келинген технологиялар ушын 25 миллиард сумлық, шийки зат ушын болса дерлик 800 миллион сумлық бажыхана төлемлеринен жеңилликлер қолланылды.

Кәрхана ийелери өз-ара сөйлесиўде усы жердиң өзинде бажыхана қадағалаўы астындағы товарлар сақланатуғын қоймахананы шөлкемлестириў ҳәм аймаққа 2,5 километр узынлықта темир жол тартыў мәселесин билдирди.

Комитет баслығы усы мәселени өз қадағалаўына алып, тийисли уйымлардың ўәкиллерин тартқан ҳалда тезлик пенен шешилиўин тәмийинлеўге ҳәрекет етилетуғынлығын билдирди.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.