Тери ҳәм аяқ кийим ислеп шығарыўшыларға жаңа субсидиялар бериледи

24

Президенттиң “Былғары аяқ кийим санаатында таяр өним ислеп шығарыўды қоллап-қуўатлаў ҳәм экспорт потенциалын арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы ПП-250-санлы қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық, 2026-жыл 1-июльден 2028-жыл 31-декабрьге шекем Жеңил санаатты қоллап-қуўатлаў қоры есабынан терини қайта ислеп, таяр былғары ислеп шығарыўшы кәрханаларға ислеп шығарылған ҳәм реализация етилген таяр былғардың ҳәр бир дециметр квадраты ушын 350 сум муғдарында субсидия ажыратылады.

Сондай-ақ, аяқ кийим ҳәм былғары-галантерея өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханаларға өндириске енгизилген ҳәр бир жаңа модель ушын 1 миллион сумнан, бирақ бир календарь жылда бир кәрхана ушын 50 миллион сумнан аспаған муғдарда субсидия бериледи.

Қарар менен аяқ кийим ислеп шығарыўшы кәрханалардың өз мүтәжликлери ушын импорт еткен аяқ кийим қәлиплериниң баҳасының 50 проценти қаплап берилетуғыны белгиленди. Онда Европа Аўқамы мәмлекетлеринен импорт етилген қәлиплер ушын бир жылда 10 мың АҚШ долларына шекем, басқа мәмлекетлер ушын болса 5 мың АҚШ долларына шекем компенсация ажыратылады.

Буннан тысқары, жеңил санаат кәрханалары суў тазалаў имаратларында белгиленген нормалар шеңберинде суўды тазалаў ушын сатып алған химиялық қураллар ҳәм реагентлер баҳасының 50 процентин де мәмлекет қаплап береди.

2026-жыл 1-сентябрьден мәмлекетлик сатып алыўларда қатнасыўшы кәрханаларға өним ислеп шығарыўда жергиликли былғары шийки заты ҳәм комплектлеўши бөлеклерден пайдаланыў дәрежеси, жаратылған жумыс орынларының саны және белгиленген тәртипте дизимнен өткерилген саўда белгиси ҳәм бренди ушын қосымша балл бериледи. Сондай-ақ, оларға 15 процентке шекем баҳа преференциясы бериледи.

Соның менен бирге, мәмлекетлик буйыртпашылар ушын мәмлекетлик сатып алыўлар электрон системасы арқалы сатып алынатуғын арнаўлы аяқ кийимлердиң мәмлекетлик сатып алыўлары сыпатламасында муўапықлық сертификаты ҳаққындағы мәлимлемени жайластырыў талабы да енгизиледи,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги