“Ўатан пидайылары” рәмзий монументиниң концепциясын жетилистириў мәселелери додаланды

28

Өзбекстан Көркем өнер академиясында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2026-жыл 1-апрельдегиӨзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 35 жыллығын кеңнен белгилеўге таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққындағы қарарының орынланыўы шеңбериндеЎатан пидайыларырәмзий монументиниң көркемлик ҳәм идеялық концепциясын буннан былай да жетилистириўге бағышланған гезектеги жумысшы мәжилис болып өтти.

Мәжилисте алдынғы басқышта билдирилген усыныслар тийкарында қайта исленген ҳәм жаңа идеялар менен байытылған эскиз жойбарлары көрип шығылды. Жумысшы топар ағзалары монумент тек ғана жоқары көркемлик дәрежеге ийе болыўы емес, ал халқымызды бирлестириўши, миллий бирлик ҳәм аўызбиршиликти улығлаўшы, Ўатанға садықлық, пидайылық, тынышлық ҳәм дөретиўшилик идеяларын терең сәўлелендиретуғын символ сыпатында қәлиплесиўи зәрүрлигин атап өтти.

Сондай-ақ, монумент композициясында тарийхый мийрас ҳәм заманагөй раўажланыў үнлеслиги, инсан қәдирин улығлаў, дослық, кеңпейиллик ҳәм улыўма халықлық аўызбиршилик сыяқлы улыўмаинсаныйлық қәдириятларды көркем қураллар арқалы айқын сәўлелендириў бойынша бир қатар пикир ҳәм усыныслар билдирилди.

Мәжилис жуўмағында эскиз жойбарларын билдирилген усыныслар тийкарында және де жетилистириў ҳәм жуўмақлаўшы концепцияны пуқта қәлиплестириў бойынша тийисли ўазыйпалар белгиленди. Атап өтилгениндей, жаратылатуғын “Ўатан пидайылары” рәмзий монументиниң халқымыздың миллий мақтанышы, Ўатанға муҳаббаты ҳәм Жаңа Өзбекстан дөретиўшилери тымсалын өзинде жәмлеген жоқары көркем шығарма болыўы нәзерде тутылмақта.

Н.Усмонова, ӨзАның хабаршысы