СРИИ ҳәм БСИИ Өзбекстан – Беларусь бирге ислесиўиниң жаңа бағдарларын додалады

52

Усы жылдың 29-июнь күни Минск қаласында “Беларусь ҳәм Өзбекстан: бирге ислесиўдиң жаңа бағдарлары” темасында халықаралық дөгерек сәўбети болып өтти. Илаж Беларусь Стратегиялық изертлеўлер институты (БСИИ) ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты (СРИИ) менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Илажда Өзбекстан ҳәм Беларусь дипломатиялық ўәкилханаларының басшылары, министрликлер ҳәм уйымлар, мәмлекетлик кәрханалардың ўәкиллери, сондай-ақ, экспертлер жәмийетшилигиниң ўәкиллери қатнасты.

Беларусь тәрепинен илажда экономика министри, “Беларусь Республикасы Миллий экспортты қоллап-қуўатлаў орайы”, “Белтаможсервис” мәмлекетлик кәрханасы, “Халықаралық бизнес альянсы” компаниясы, “Транстехника” Миллий транспорт илимий-изертлеў институты ҳәм «IBA IT Park»  сырт ел кәрханасының басшылары ҳәм қәнигелери қатнасты.

Өзбекстан делегациясы қурамынан Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты (СРИИ), Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Макроэкономикалық ҳәм аймақлық изертлеўлер институты, Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги жанындағы Транспорт ҳәм логистиканы раўажландырыў машқалаларын үйрениў орайы және Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық раўажланыў ҳәм реформалар агентлиги басшылары ҳәм хызметкерлери орын алды.

Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер Өзбекстан-Беларусь бирге ислесиўиниң бүгинги жағдайы ҳәм оны буннан былай да раўажландырыўдың перспективаларын додалады. Өз-ара саўда, санаат ҳәм агросанаат кооперациясы, транспорт-логистика байланысларын раўажландырыў, сондай-ақ, жаңа технологияларды енгизиў тийкарғы темалар қатарынан орын алды. Еки тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әмелий механизмлерин ислеп шығыў ҳәм өз-ара пайдалы қоспа басламаларды әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

image

Дөгерек сәўбетин ашып берген Беларусь Стратегиялық изертлеўлер институтының директоры Олег Макаров соңғы жылларда Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформаларды жоқары баҳалады. Оның атап өтиўинше, мәмлекет сыртқы сиясий жумысын сезилерли дәрежеде жеделлестирип, жоқары дәрежедеги көплеген халықаралық илажларға басшылық етпекте ҳәм региондағы абырайын және де беккемлемекте.

Оның пикиринше, Беларусь ҳәм Өзбекстан өз-ара исеним, ашық-айдынлық ҳәм ҳүрмет принциплерине тийкарланған қатнасықларды қәлиплестириўге ерискен. “Бүгинги күнде Беларусь ҳәм Өзбекстан арасында дерлик ҳеш қандай тосқынлықлар жоқ”, – деди ол.

Беларусь Республикасының Өзбекстан Республикасындағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Александр Огородников Беларусь – Өзбекстан қатнасықлары турақлы ҳәм избе-из раўажланып атырғанын атап өтти. Дипломаттың атап өткениндей, еки мәмлекет арасында әмелде стратегиялық шериклик қәлиплескен болып, ол жаңа жойбар ҳәм басламалар менен избе-из байып бармақта.

Дипломат саўда-экономикалық бирге ислесиў избе-из унамлы пәтлерде раўажланып атырғанын атап өтти. Ол усы жылдың жуўмақларына бола Беларусь ҳәм Өзбекстан арасындағы өз-ара товар алмасыў көлеми тек ғана 1 миллиард АҚШ долларына жетип қоймастан, ал бул көрсеткиштен артып кетиўине исеним билдирди. “Нәўбеттеги стратегиялық ўазыйпа өз-ара товар алмасыў көлемин 2 миллиард АҚШ долларына жеткериўден ибарат. Бул мақсет жоқары шекти нәзерде тутыўына қарамастан, тәреплер өсиўдиң жаңа ноқатлары ҳәм бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарларын избе-из излеў ниетинде”, – деди ол.

image

Бирге ислесиў перспективалары ҳаққында сөз етип, Александр Огородников санаат ҳәм агросанаат кооперациясын тийкарғы бағдарлар сыпатында атап өтти. Оның баҳалаўынша, Беларусь өндирислик қуўатлықларын Өзбекстанда локализациялаў үлкен имканиятлар ашып береди. Республиканың өндирислик потенциалынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм санаат кооперациясын кеңейтиў үшинши мәмлекетлер базарларына биргеликте шығыў ушын беккем тийкар жаратады.

Елши транспорт-логистика потенциалына айрықша тоқтап өтип, Беларусь ҳәм Өзбекстанның теңизге тиккелей шығыў имканиятының жоқ екенлиги еки мәмлекетти нәтийжели транспорт коридорларынан пайдаланыўға мәпдар етип атырғанын атап өтти. Дипломаттың пикиринше, глобаллық транспорт жөнелислери трансформацияланып атырған шараятта заманагөй логистика инфраструктурасы экономикалық шерикликти және де раўажландырыўдың әҳмийетли факторларынан бирине айланыўы мүмкин.

Өз гезегинде, Беларусь экономика министри Юрий Чеботар еки тәреплеме бирге ислесиў избе-из ҳәм жедел раўажланып атырғанын жоқары баҳалап, соңғы 10 жыл даўамында өз-ара товар алмасыў көлеми 13 еседен, хызметлер саўдасы көлеми болса 30 еседен артық артқанын атап өтти. “Бүгинги күнде Өзбекстан Беларусь пенен товарлар ҳәм хызметлер бойынша өз-ара саўда көлеми бойынша үшинши, ҒМДА мәмлекетлери арасында болса Беларусь инвестицияларының топланған көлеми бойынша екинши орынды ийелейди”, – деди ол.

image

Министр тийкарғы бағдарлар қатарында санаат кооперациясын айрықша атап өтти. Оның сөзлерине бола, Беларусь технологиялар трансферин тәмийинлеў ҳәм заманагөй жумыс орынларын жаратыўды нәзерде тутатуғын биргеликтеги жойбарларға инвестиция киргизиўге таяр.

Буннан тысқары, Юрий Чеботар технологиялар, өндиристи автоматластырыў, туризм ҳәм хызметлер тараўларындағы бирге ислесиўди раўажландырыўдан Беларусь мәпдар екенин атап өтти.

Илаж жуўмағында тәреплер бирге ислесиўди буннан былай да тереңлестириўден өз-ара мәпдар екенин билдирди және Өзбекстан ҳәм Беларусь арасындағы қатнасықларды буннан былай да беккемлеўге хызмет ететуғын әмелий усынысларды ислеп шығыўдың нәтийжели механизми сыпатында турақлы экспертлер сөйлесиўин даўам еттириў әҳмийетли екенин атап өтти.

ӨзА