Бозатаўлы жаслардың пикир ҳәм усыныслары тыңланды

Президентимиз тәрепинен алға қойылған ҳәм бүгинги күнде турақлы әмелге асырылып атырған “Ҳәр пийшемби – Жаслар күни” басламасы елимизде жаслар менен ислесиўдиң пүткиллей жаңа, нәтийжели ҳәм мәнзилли системасын қәлиплестирмекте.

Бул баслама жаслардың тек ғана машқалаларын тыңлаў емес, ал олардың арзыў-нийетлерин жүзеге шығарыў, потенциалын толық көрсетиўи ушын беккем тийкар жаратпақта.
Мине усындай ийгиликли илажлар шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Бозатаў районының бир топар жаслары менен ушырасты.

Онда атап өтилгениндей, елимизде жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бири есапланады.
Өткерилген ушырасыўда бул бағдарда республикамызда жасларға жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында кең түрде атап өтилип, мине усындай имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, ҳәр қыйлы бағдарларда жоқары нәтийжелерге ерисип атырған жаслардың қатары барған сайын көбейип атырғаны айрықша тилге алынды.

Ушырасыў даўамында бозатаўлы жаслар да белсендилик көрсетип, өзлерин қызықтырып атырған мәселелер, турмыста ушырасып атырған машқалалар ҳәм алға қойылып атырған усыныс ҳәм басламаларын тиккелей билдирди. Атап айтқанда, жасларды жумыс пенен тәмийинлеў, исбилерменликти жолға қойыў, банклердиң жеңиллетилген кредитлеринен пайдаланыў, кәсип-өнер үйрениў ҳәм билимлендириў тараўына тийисли мәселелер бойынша өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди.
Ең әҳмийетлиси, ушырасыўда билдирилген ҳәр бир мәселени республикамыз басшысы жеке өзи қадағалаўға алып, тараў жуўапкерлерине оларды қысқа мүддетлерде унамлы шешиў бойынша анық тапсырмалар берди.


Қарақалпақстан хабар агентлиги