Өзбекстан Президенти Грузияға келди

70

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2-июль күни мәмлекетлик сапар менен Тбилиси қаласына келди.

Шота Руставели атындағы халықаралық аэропортта мәмлекетимиз басшысын Грузия Бас министриниң орынбасары, сыртқы ислер министри Мака Бочоришвили ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.

Жоқары мәртебели мийманның ҳүрметине еки елдиң мәмлекетлик байрақлары көтерилди ҳәм ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Соң Тбилиси қаласында Грузия Президентиниң резиденциясы – Орбелиани сарайында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти рәсмий күтип алыўға бағышланған салтанатлы мәресим болып өтти.

Мәмлекетимиз басшысын Грузия Президенти Михаил Кавелашвили қызғын күтип алды.

Жоқары мәртебели мийман ҳүрметине резиденция алдындағы майданда еки елдиң мәмлекетлик байрақлары көтерилди ҳәм ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Мәмлекетлик гимнлер жаңлады. Жетекшилер әскерий оркестр cазлары астында ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтип, рәсмий делегациялар ағзаларын қутлықлады.

Грузияға мәмлекетлик сапар шеңберинде Тбилиси қаласындағы Орбелиани сарайында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Грузия Президенти Михаил Кавелашвилидиң сөйлесиўлери болып өтти.

Өзбекстан – Грузия көп тәрелеме қатнасықларын буннан былай да кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы Грузия Президентине шын жүректен миймандослық ушын миннетдаршылық билдирип, бул мәмлекетке соңғы 23 жылда биринши мәрте мәмлекетлик сапар әмелге асырылып атырғанын айрықша атап өтти.

Парламентлер, ҳүкиметлер ҳәм исбилермен топарлар арасындағы байланыслар жеделлескени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Өткен жылдың жуўмақларына бола, товар алмасыў көлеми 270 миллион долларға жетти, биргеликтеги жойбар ҳәм кәрханалардың саны артып бармақта. Мәмлекетимизде Грузияның биринши санлы банки – “TBC” табыслы жумыс алып бармақта. Ташкент пенен Тбилиси ҳәм Батуми қалалары арасында тиккелей авиақатнаўлар әмелге асырылмақта. Усы жылдың март айында Өзбекстан пайтахтында Грузия мәденияты күнлери табыслы өткерилди.

Өз-ара саўда көлемин, соның ишинде, Поти ҳәм Батуми портларының потенциалынан нәтийжели пайдаланыў арқалы және де арттырыў мәселелерине тийкарғы итибар қаратылды.

Фармацевтика, химия санааты, аўыл хожалығы, транспорт, энергетика, санлы технологиялар ҳәм туризм тараўларында кооперацияны раўажландырыў ушын имканиятлар бар екенлиги көрсетип өтилди.

Исбилерменлик, туристлик ҳәм гуманитарлық алмасыўларды жолға қойыў ушын аймақлар арасындағы байланысларды кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында Шавкат Мирзиёев Михаил Кавелашвилиди мәмлекетимизге сапар менен келиўге мирәт етти.

Тбилиси қаласындағы илажлар шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти Грузияның жоқары мәмлекетлик сыйлығы – “Алтын руно” ордени менен сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Өзбекстан – Грузия көп тәреплеме қатнасықларын раўажландырыўға қосқан үлкен үлеси ушын мәмлекетимиз басшысына бул сыйлықты Грузия Президенти Михаил Кавелашвили тапсырды.

Өзбекстан жетекшиси Грузия Президенти Михаил Кавелашвили, Бас министри Ираклий Кобахидзе ҳәм Парламент Баслығы Шалва Папуашвилиге жоқары сыйлық ушын миннетдаршылық билдирип, дос Грузия халқына тынышлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.

1998-жылы шөлкемлестирилген “Алтын руно” ордени мәмлекеттиң жоқары мәмлекетлик сыйлықларынан бири болып, сырт мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлер менен байланысларды беккемлеў және грузин мәдениятын, илимин ҳәм көркем өнерин үгит-нәсиятлаў бағдарындағы айрықша хызметлери ушын бериледи.

Орденниң аты Алтын руно ҳаққындағы әййемги грек әпсанасы ҳәм ҳәзирги Грузия аймағында жайласқан тарийхый үлке – Колхида менен байланыслы.

Ҳәр қыйлы жылларда бул жоқары сыйлық пенен Уллы Британия Патшасы Елизавета II, Иордания Патшасы Абдулла II, Германия Канцлери Герхард Шрёдер, Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоған, Әзербайжан Президенти Гейдар Алиев ҳәм басқалар сыйлықланған.

Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысы Орбелиани сарайының Ҳүрметли мийманлар китабына жақсы тилеклерин жазып қалдырды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Грузияға мәмлекетлик сапары даўам етпекте.

ӨзА