Өзбекстан ҳәм Грузия биргеликтеги мәдений жойбарларды кеңейтиўди режелестирмекте

Өзбекстан Республикасы мәденият министри Озодбек Назарбековтың Грузияға әмелге асырған рәсмий сапары шеңберинде Грузия Мәденият министрлиги басшылығы Мака Гургенидзе менен еки тәреплеме ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Грузия арасындағы мәдений бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы, оны буннан былай да раўажландырыў перспективалары және қоспа мәдений жойбарларды әмелге асырыў мәселелери бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысылды.
Сөйлесиўлер ўақтында кинематография тараўында бирге ислесиўди кеңейтиў, қоспа көркем ҳәм ҳүжжетли фильмлер және басқа да дөретиўшилик жойбарларды әмелге асырыў, театр тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеў, еки мәмлекет театр жәмәәтлериниң өз-ара гастроль сапарларын шөлкемлестириў ҳәм қоспа спектакльлерди сахналастырыў мәселелери додаланды.
Сондай-ақ, өзбек миллий мақам көркем өнери ҳәм грузин миллий музыкасы қатнасыўында қоспа концерт бағдарламаларын шөлкемлестириў, санлы мәденият бағдарында бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша да өз-ара усыныслар билдирилди. Тәреплер соңғы жыллары әмелге асырылған бир қатар мәдений илажлар еки мәмлекет арасындағы дослық қатнасықларды буннан былай да беккемлеўге хызмет етип атырғанын айрықша атап өтти.

Атап айтқанда, 2025-жылдың 9-12-июль күнлери Тбилиси қаласында өткерилген “Өзбекстан мәденияты ҳәм киносы күнлери,” сондай-ақ, усы жылдың 9-11-март күнлери Ташкент қаласында жоқары дәрежеде шөлкемлестирилген “Грузия мәденияты күнлери” мәдений алмасыўларды жаңа басқышқа алып шыққан әҳмийетли илажлар сыпатында тән алынды.
Мака Гургенидзе өз гезегинде өзбек ҳәм грузин халықларының бай мәдений мийрасы, улыўмалық қәдириятлары ҳәм тарийхый жақынлығы еки мәмлекет арасындағы мәдений байланысларды және де кеңейтиў ушын беккем тийкар жарататуғынын атап өтти. Ол жаңа қоспа мәдений басламалар ҳәм дөретиўшилик жойбарларды әмелге асырыў ушын үлкен имканиятлар бар екенлигин атап өтти.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги ҳәм Грузия Мәденият министрлиги арасында 2026-2030-жылларға мөлшерленген мәдений бирге ислесиў бағдарламасына қол қойыўға таяр екенлигин билдирип, мәдений бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўға өз-ара умтылысларын тастыйықлады.
Рәсмий сапар шеңберинде Өзбекстан Республикасы мәденият министри Озодбек Назарбеков Грузияның белгили “Эрисиони” мәмлекетлик академиялық халық қосық ҳәм аяқ ойын ансамблиниң жумысы менен де танысты. Министр ансамбльдиң дөретиўшилик потенциалы, миллий көркем өнер дәстүрлерин қәстерлеп сақлаў бағдарындағы тәжирийбеси ҳәм халықаралық майдандағы жумысы ҳаққында мағлыўматлар алды.
“Эрисиони” мәмлекетлик академиялық халық қосық ҳәм аяқ ойыны ансамбли 1885-жылы шөлкемлестирилген болып, Грузияның ең абырайлы миллий дөретиўшилик жәмәәтлеринен бири есапланады. Ансамбль өзине тән хореографиясы, көп даўыслы миллий қосықшылық дәстүрлери ҳәм бай миллий липаслары менен дүньяның көплеген мәмлекетлеринде жоқары итибарға ерискен.
Назокат Усмонова,
ӨзАның хабаршысы